Нураныйлар ҳүрметленди
1744
Усы жыл 14-апрель күни Пайтахтымызда “Нураныйларды қәдирлеймиз” атамасындағы ушырасыў кешеси өткерилди.
Ушырасыў кешесинде дәслеп узақ жыллар даўамында елимиз ҳәм халқымыз ушын пидайы мийнет еткен нураныйлар жаслар тәрепинен ҳүрмет-иззет көрсетилип күтип алынды.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов, Өзбекстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министри Т.Худайбергенов шығып сөйлеп, елимиздиӊ раўажланыўына мүнәсип үлесин қосып киятырған бир топар ветеранлар, тараў ҳәм тармақ ўәкиллериниӊ ибратлы ислерин айрықша атап өтти.

Оннан соӊ сөзге шыққанлар жыйналғанларға өзлериниӊ жақсы тилеклерин билдирди.
Узақ жыллар даўамында елимиз ҳам халқымыз ушын пидайы мийнет еткен инсанлар, ҳәр бир тараўдың өз маманлары, тәжирийбели нураныйлары, ақыл-кеңес берер жасы үлкенлери бар. Сонлықтан өткерилип атырған бул үш әўлад ушырасыўының шөлкемлестирилиўинде үлкен мәнис-мазмун бар.
Үш әўлад ўәкиллери бир дастурхан әтирапында отырып пикир алмасылды. Нураныйлардыӊ үгит-нәсиятлары жасларды жақсы инсан болып жетилисиўине, ҳәр дайым жақсылық ислеўге, тереӊ билим алыўға бағдарлайды.
Илаж көркем өнер тараўыныӊ концерт бағдарламасы, елимиз, халқымыз ушын пидайы мийнет еткен қаҳарманлардыӊ бай турмыс тәжирийбеси, үлгили мийнет жолы ҳаққында арнаўлы фильмлер менен даўам етти.

Әлбетте, бундай мәнәўий-марифий илажлар жаслардыӊ ҳәр тәреплеме жетик инсанлар болып жетилисиўине, мийнет нураныйларыныӊ турмыс мектеби менен жақыннан таныс болыўына хызмет етеди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети