Омбудсманныӊ Қарақалпақстан Республикасы бойынша аймақлық ўәкили таныстырылды
2391
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ киши мәжилислер залында видеоконференцбайланыс арқалы мәжилис болып өтти.
Мәжилиске Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниӊ инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман), Қарақалпақстан Республикасы судлары баслықлары, Прокурор, Ишки ислер министри, сондай-ақ тийисли министрликлер, қала ҳәм район ҳәкимликлери қатнасты.
Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси Баслығыныӊ орынбасары А.Давлетов ашты ҳәм басқарып барды.
Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2021-жыл 10-сентябрьдеги «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниӊ Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (омбудсман) жумысын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы тийкарында Омбудсманныӊ орынларда турақлы ислеўши аймақлық ўәкили лаўазымы енгизилди.
Мәжилисте Омбудсманныӊ Қарақалпақстан Республикасы бойынша аймақлық ўәкилин таныстырыў мәселеси көрип шығылды.
Күн тәртибиндеги мәселе бойынша Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниӊ инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (омбудсман) Ф.Эшматова шығып сөйлеп, Омбудсманныӊ аймақлық ўәкили болып тайынланған Жеӊис Шлымбетовтыӊ мийнет жолы менен таныстырды.

Жергиликли ҳәкимият уйымлары, тийисли министрлик ҳәм мәкемелер тәрепинен Омбудсманныӊ аймақлық ўәкили менен биргеликте жумысларды системалы жолға қойыў бойынша алдағы ўазыйпаларға тоқтап өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети