Жаӊа комитеттиӊ биринши мәжилиси болып өтти
1394
Усы жылдыӊ 7-апрел күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ жигирма жетинши сессиясында Жоқарғы Кеӊесте жаӊадан Жергиликли ҳәкимияттыӊ ўәкилликли ҳәм пуқаралардыӊ өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм де мәмлекетлик уйымлардыӊ ашықлығын тәмийинлеў мәселелери бойынша комитети дүзилди.
Бүгин усы комитеттиӊ биринши мәжилиси болып өтти. Оған Жоқарғы Кеӊес депутатлары, халық депутатлары қала ҳәм районлық Кеӊесиниӊ секретариат баслықлары қатнасты.
Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси Баслығыныӊ орынбасары А.Давлетов ашты ҳәм басқарып барды.
Мәжилисте жаӊадан дүзилген комитеттиӊ әҳмийетине кеӊ түрде тоқтап өтилип, халық депутатлары жергиликли Кеӊеслериндеги Секретариатлар жумысының нәтийжелилигин еле де арттырыў бойынша алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды.
Атап айтқанда, депутатлар тәрепинен ушырасыўларда халықты қыйнап киятырған машқалалар шеңберинде аймақты раўажландырыў бойынша «Депутаттың жол картасы»н ислеп шығыў, жаңадан қабыл етилген нызамлар, қарарлар ҳәм пәрманлардың мазмун-мәнисин халық арасында турақлы түрде үгит-нәсиятлаў, ғалаба хабар қураллары, социаллық тармақлар арқалы мәлимлеме, пикир билдириў мәселелерин жолға қойыў, журналист-блогерлер менен бирге ислесиўде жақын орталық жаратыў, мағлыўматлар алмасыўыда нызам шеңберинде жумысларды шөлкемлестириў мәселелери додаланды.

Бул мәселелер бойынша депутатлар өзлериниӊ пикир усынысларын билдирди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети