ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕС КОМИТЕТ МӘЖИЛИСИНДЕ
1920
Суў хожалығы министриниң мәлимлемеси тыӊланды
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Аграр, суў хожалығы, тәбиятты қорғаў ҳәм экология мәселелери комитетиниң видеоконференцбайланыс тәризинде мәжилиси болып өтти. Онда Жоқарғы Кеӊес депутатлары ҳәм районлардағы студиялардан ҳәким орынбасарлары, аўыл ҳәм суў хожалығы бөлими басшылары қатнасты.
Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Аграр, суў хожалығы, тәбияатты қорғаў ҳәм экология мәселелери комитети баслығы Д.Утамбетов ашты ҳәм басқарып барды.
Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 24-февральдағы ПҚ-5005-санлы қарары менен тастыйықланған “Өзбекстан Республикасында суў ресурсларын басқарыў ҳәм ирригация секторын раўажландырыўдың 2021-2023-жылларға мөлшерленген СТРАТЕГИЯСЫ”нда белгиленген ўазыйпалардыӊ орынланыўы бойынша өткен 2021-жылда әмелге асырылған жумыслары ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлигиниӊ мәлимлемеси тыӊланды.
Атап өтилгениндей, Стратегия шеңберинде аймақлардағы суў хожалығы объектлеринде кең көлемли жумыслар әмелге асырылды. Атап айтқанда, өткен жылда белгиленген бағдарлама тийкарында 16 ирригация объектлеринде 44,3 км узынлықтағы каналларда қурылыс ҳәм реконструкция жумыслары әмелге асырылды. Соның менен бирге, 28,5 км узынлықтағы мелиоратив объектлерде қурылыс ҳәм реконструкция жумыслары орынланды. Соның менен бирге, 21 мелиоратив объектлердиң 1256,4 км бөлегинде оӊлаў ҳәм қайта тиклеў жумыслары әмелге асырылды.
Суў хожалығы министрлигине қараслы насос станцияларындағы ески агрегатлар ҳәм электродвигателлер жаңасына алмастырылды. Соның менен бирге, насос станцияларындағы 65 насос агрегатларына шығарып атырған суў муғдарын “онлайн” мониторинг етиўши аппаратлар орнатылды.
Мәжилисте “Қубла Қарақалпақстанда суў ресурсларын басқарыўды жақсылаў” жойбары шеңберинде ҳәм де аймақларда суў тежеўши технологияларды енгизиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша да мәлимлеме берилди.
Додалаў ҳәм пикир усыныслардан соӊ Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлигиниӊ мәлимлемеси мәжилис шешими менен мағлыўмат ушын қабылланды ҳәм де Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезектеги сессиясында еситиў ушын усыныс етилди.