ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕС КОМИТЕТ МӘЖИЛИСИНДЕ
1791
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Социаллық-мәдений раўажланыў, жаслар сиясаты ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитетиниң видеоконференцбайланыс тәризинде мәжилиси болып өтти. Онда Жоқарғы Кеӊес депутатлары, тийисли тараў басшылары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Социаллық-мәдений раўажланыў, жаслар сиясаты ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитети баслығы Д.Қурбаниязов ашты ҳәм басқарып барды.
Мәжилис күн тәртбинде «Баспа жумысы ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызамы жойбары, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатыныӊ 2021-жыл 28-майдағы «2030-жылға шекем Өзбекстан Республикасында гендер теӊликке ерисиў стратегиясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарарында белгиленген ўазыйпалардыӊ 2021-2022-жылларда Қарақалпақстан Республикасында әмелге асырылыўы бойынша белгиленген илажлар режесиниӊ орынланыўы туўралы Қарақалпақстан Республикасы Шаӊарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети баслығыныӊ мәлимлемеси, Мектепке шекемги билимлендириў тараўын реформалаў ҳǝм раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған илажлардың нǝтийжелилиги бойынша Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министриниӊ есабаты ҳаққындағы мәселелер қарап шығылды.
Бәршемизге мәлим, бүгинги күнде елимизде Ҳүрметли Президентимиздиӊ басшылығында баспа ҳәм полиграфия тараўын қоллап-қуўатлаў системасын жетилистириўге, баспа өнимлериниң базарын раўажландырыўға, халқымыздың руўхый дүньясын байытыўға, дөретиўши инсанларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға, жаслар арасында китапқумарлықты арттырыўға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кеӊ көлемли ийгиликли ислер әмелге асырылмақта.
Әсиресе, Ҳүрметли Президентимиздиӊ 2020-жыл 16-марттағы «Баспа ҳәм полиграфия саласын буннан былай да раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарыныӊ қабыл етилиўи бул бағдардағы илажлар көлемин жаӊа басқышларға көтермекте.
Бүгинги күнде ҳәрекет етип турған “Баспа жумысы ҳаққында”ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамы буннан дерлик 20 жыл бурын, яғный 2003-жылда қабыл етилген.
Соӊғы жыллардағы глобалласыў процесслери ҳәм тараўда әмелге асырылып атырған өзгерислер менен жаӊаланыўлар, тийисли нормативлик-ҳуқықый базаныӊ барған сайын беккемленип атырғанлығы да нызамшылықты және де жетилистириў зәрүрлигин келтирип шығармақта.
Соның менен бирге, баспа ҳәм полиграфия тараўында ҳәзирги күндеги жумыслардың жағдайы баспа ҳәм полиграфия шөлкемлери арасында бәсеки орталығын күшейтиўди,
авторлық ҳуқықы бузылыўының алдын алыў, сапасыз өнимлер ислеп шығарылыўын шеклеў, сабақлықлар ҳәм оқыў-методикалық қолланбаларды басып шығарыў тәртибин қайта көрип шығыўды талап етпекте.
Усыларды есапқа алып, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Социаллық-мәдений раўажланыў, жаслар сиясаты ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитети тәрепинен «Баспа жумысы ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары ислеп шығылды.
Бул таярланған Нызам жойбары туўралы кеӊирек түсиник бериў ушын Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар басқармасы баслығы Азамат Бекмуратов шығып сөйледи.
Буннан соӊ нызам жойбары бойынша Жоқарғы Кеӊес депутаты Н.Матякупова, «Билим» баспасы директоры М.Нызанов пикир-усынысларын билдирди.
Күн тәртибинен орын алған нәўбеттеги мәселе, яғный Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатыныӊ 2021-жыл 28-майдағы «2030-жылға шекем Өзбекстан Республикасында гендер теӊликке ерисиў стратегиясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарарында белгиленген ўазыйпалардыӊ 2021-2022-жылларда Қарақалпақстан Республикасында әмелге асырылыўы белгиленген илажлар режесиниӊ орынланыўы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Шаӊарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети баслығы М.Ахмедованыӊ мәлимлемеси тыӊланды.

Сондай-ақ, комитет мәжилисинде Мектепке шекемги билимлендириў тараўын реформалаў ҳǝм раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған илажлардың нǝтийжелилиги бойынша Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министриниӊ есабаты ҳаққындағы мәселе қарап шығылды.
Бул мәселе бойынша Мектепке шекемги билимлендириў министри Ж.Уснатдинованыӊ баянаты тыӊланды ҳәм тараўда ушырасып атырған машқалалы мәселелер бойынша Жоқарғы Кеӊес депутатлары тәрепинен берилген сораўларға жуўаплар берилди.
Мәжилис күн тәртибине қойылған мәселелер толығы менен көрип шығылып, оларды Жоқарғы Кеӊестиӊ гезектеги сессиясына усыныў бойынша шешимлер қабыл етилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети