Гемодиализ орайыныӊ ашылыўы болып өтти
1834
Бүгин пайтахтамызда Гемодиализ орайыныӊ ашылыў салтанаты болып өтти.
Оған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ Баслығы Мурат Камалов қатнасып, жыйналғанларды орайдыӊ ашылыўы менен қызғын қутлықлап, ҳүрметли Президентимиздиӊ медицинаға болған айрықша итибары нәтийжесинде тараўда жүз берип атырған жаӊаланыўларды атап өтти.
Оннан соӊ Гемодиализ орайыныӊ бас директоры Викрам Вуппала сөзге шығып, соӊғы жылларда елимизде медицина тараўында әмелге асырылып атырған реформаларға өзиниӊ унамлы пикирин билдирди.
Соныда айрықша атап өтиўимиз тийис, бул орай Өзбекстанда Ҳиндистан мәмлекети менен бирге мәмлекет-жеке шерикшилик тийкарында еӊ бириншилерден болып пайдаланыўға тапсырылмақта.
Бул жаӊа орай қысқа ўақыт ишинде 985 мыӊ доллар инвестиция киргизиў есабынан қурып питкерилди ҳәм керекли инвентарьлар менен тәмийнленди.
Мәмлекет-жеке шерикшилик тийкарында қурып питкерилген орай 34 койкадан ибарат.
Бул жерде 30 ға жақын тәжирийбели медицина хызметкерлери жумыс пенен бәнт болып, күнине 96 наўқасты қабыллаў мүмкиншилигине ийе.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети