Нөкис районында фестиваль болып өтти.
1795
Бүгин Нөкис районында «Жаӊа Өзбекстан жаслары, бирлесейик» сүрени тийкарында Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Самарқанд ўәлаятыныӊ мәденият ҳәмде көркем өнер фестивалы өткерилди.
Фестиваль шеӊберинде Самарқанд ўәлаяты ҳәм район ҳәкимлиги менен биргеликте районда әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын пресс-конференция, көркем өнер шеберлери ҳәм жазыўшы шайырлар менен район жасларыныӊ ушырасыўлары, ҳәр түрли спорт жарыслары басқа да илажлар өткерилди.
Илажда спорттыӊ киши футбол түри бойынша «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси Баслығыныӊ кубогы» ушын мәҳәлле жаслары арасында спорт жарысы өткерилип, онда райондағы 10 мәҳәлле жасларынан дүзилген командалар өз ара беллести. Беллесиўлер жуўмағында 1-орынды «Ақмаӊғыт» аўыл пуқаралар жыйыны, 2-орынды «Қутанкөл» мәкан пуқаралар жыйыны ҳәм 3-орынды «Қырантаў» аўыл пуқаралар жыйыны командалары ийеледи.
«Жаӊа Өзбекстан жаслары, бирлесейик» сүрени тийкарында өткерилген фестиваль шеӊберинде гала-концерти де болып өтти.
Онда дәслеп, күн даўамында өткерилген илаж қатнасыўшыларына сондай-ақ, Жоқарғы Кеӊес Баслығыныӊ кубогы ушын өткерилген киши футбол спорт жарысы жеӊимпазларына баҳалы саўғалар тапсырылды. Оннан соӊ, Самарқанд ўәлаяты ҳәм Қарақалпақстан Республикасыныӊ көркем өнер шеберлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы жыйналғанлардыӊ нәзерине усынылды.
Гала-концертке Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ Баслығы М.Камалов ҳәм Министрлер Кеӊеси Баслығы Қ.Сариев қатнасты.