Депутатлардыӊ «Әҳмийетли он күнлиги»
1410
Усы жылдыӊ 20-30-апрель күнлери аралағында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ депутатлары, халық депутатлары қала ҳәм районлық Кеӊеси депутатлары арасында «Әҳмийетли он күнлик» жойбары өткерилмекте. Жойбар шеӊберинде депутатлар сиясий партия басшылары менен келисилген график тийкарында өзлери сайланған аймақларда өз сайлаўшылары менен ушырасыўлар өткермекте.
Мине усындай дәслепки ушырасыў Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесине Беруний районынан сайланған депутат Саёра Имамова өзи сайланған аймақтағы майыплығы болған, бағыўшысын жоғалтқан пуқаралар жағдайындан хабар алып, олардың машқалаларын үйренди.
Буннан соӊ 53-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде ушырасыў өткерип, сайлаўшылардыӊ мүрәжатларын тыңлады. Пуқаралардан келип түскен мүрәжатларға көре, «Таза нур» аймағында жасаўшы пуқаралар тәрепинен олар жасап атырған мәнзилде электр тогы төменлиги, ишки жоллардың насазлығы, ақаба суў келетуғын салмалардың жоқ екенлиги билдирилди.
Мүрәжат бойынша тийисли уйымларға депутатлық сораўы жиберилип, машқалалардың шешими бойынша жәрдем берилетуғын болды. Нәўбеттеги ушырасыў орны «Өндирис» мәнзили. Бул жердеги халықты да көп жыллардан берли ишимлик суўы машқаласы қыйнайды.
Бул аймақтағы машқала 2022-2024-жыллардыӊ бағдарламасына киргизилген. Деген менен халықтыӊ суўсызлықтан қыйналып атырғанлығын есапқа алып, тийисли орынларға мүддетинен алдын суў трубаларын тартып бериўде әмелий жәрдем бериўин сорап депутатлық сораўы жиберилетуғын болды. Усы мәнзилдеги және бир мүрәжат «Жаслар дәптери»не киргизилген Дәстан Алламов тәрепинен өзин-өзи бәнт етиўи ушын мультитрактор алыўда әмелий жәрдем соралды. Бул мәселе бойынша да депутат тәрепинен тийисли уйымларға депутатлық сораўы жиберилип, мәселениӊ унамлы шешилиўин тәмийинлейтуғынлығын билдирди.
Жоқарғы Кеңес депутаты Мурат Гаиповтың өз сайлаўшылары менен ушырасыўы Тахтакөпир районындағы «Мақпалкөл» ҳәм «Атакөл» аўыл пуқаралар жыйынларында болып өтти. Ушырасыўда сол аймақлардағы халықтың мүрəжатлары тыңланды ҳам шешими бойынша тийисли тараўларға депутатлық сораўлар жиберилип ҳəр бир мүрəжат қадағалаўға алынатуғынлығы билдирилди.