Қазақстанда Аралды тиклеў, оныӊ экотуризмин қорғаў бойынша мәжилис болып өтти
1508
Бәршеӊиздиӊ хабарыӊыз бар, усы жылдыӊ 22-апрель күни Қазақстан Республикасыныӊ Қызылорда қаласында Өзбекстан ҳәм Қазақстан Сенатлараралық бирге ислесиў комиссиясыныӊ екинши мәжилиси болып өтти.
Оған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ Баслығы М.Камалов, Сенат ағзалары ҳәм Жоқарғы Кеӊестиӊ комитет баслықлары республикамыздан онлайн түрде қатнасты.
Мәжилис күн тәртибинде экология саласында бирге ислесиў, Арал теӊизин тиклеў, оныӊ экотуризмин қорғаў бойынша қосымша бағдарламалардыӊ орынланыўын көрип шығыў, жаӊа жойбарларды додалаў мәселелери қарап шығылды.
Мәжилиске Қазақстанныӊ тийисли министрлик ҳәм мәкемелери басшылары, Аралды қутқарыў халықаралық фонды, Бирлескен миллетлер шөлкеми, Дүньяжүзлик денсаўлықты сақлаў шөлкеми, Жәҳән банки, Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми ўәкиллери қатнасты.
Мағлыўмат сыпатында айтып өтиў орынлы, усы жылдыӊ 21-22-апрель күнлери Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығынын биринши орынбасары Садық Сафаев басшылығындағы делегация Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатыныӊ Қазақстан Республикасы Парламенти Сенаты менен бирге ислесиў бойынша комиссиясыныӊ екинши мәжлисинде қатнасыў мақсетинде Қазақстанда сапарда болды.
Сапардыӊ биринши күни делегация ағзалары Арал теӊизиниӊ Қазақстандағы бөлегин барып көрип, Көкарал бөгетиниӊ жағдайы, «Арал SeeFood» балықты қайта ислеў заводыныӊ жумысы менен танысты.
Еслетип өтемиз, Комиссияныӊ биринши мәжилиси 2021-жылдыӊ 3- июнь күни Ташкент қаласында болып өткен еди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети