Тақыятаста Сурхандәрья ўәлаятыныӊ делегациясы сапарда болды
1617
Усы жылдыӊ 23-24-февраль күнлери Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтыӊ Қарақалпақстан Республикасына болған сапары даўамында белгилеп берген ўазыйпалары тийкарында Тақыятас районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў халықтыӊ турмыс дәрежесин арттырыўға әмелий жәрдем көрсетиўге Сурхандәрья ўәлаяты бириктирилген.
Усы жылдыӊ 22-апрель күни Сурхандәрья ўәлаяты ҳәкими басшылығындағы делегация ағзалары райондағы әмелге асырылған жумыслар менен кеӊнен танысыў мақсетинде Республикамызға келди.
Делегация ағзалары Нөкис халықаралық аэропортында Жоқарғы Кеңес Баслығы М.Камалов ҳәм Ҳүкимет ағзалары тәрепинен күтип алынды.
Республикамызға келген Сурхандәрья ўәлаяты делегациясы Тақыятас районында шөлкемлестирилген ўәлаят штабыныӊ жумысы менен танысты. Штабта 2022-2024-жылларда Тақыятас районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша ислеп шығылған илажлар режесин әмелге асырыў бойынша алып барылып атырған жумыслар таныстырылып, жолға қойылып атырған жойбарлар ҳаққында презентациялар өткерилди.

Оннан соӊ делегация ағзалары Тақыятаслы нураныйлар ҳәм мәҳәлле белсендилери менен биргеликте жаӊадан шөлкемлестирилиўи режелестирилген «Жаслар бағы»ныӊ жойбары менен танысып, терек егиў акциясын баслап жиберди.
Күнниң екинши ярымында делегация ағзалары райондағы 1- ҳәм 2-санлы улыўма орта билим бериў метеплери ҳәм 11-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде болды.
Мектеплерде Қарақалпақстанлы ҳәм Сурхандәрьялы оқыўшы жаслар арасында «Бес баслама – бес имканият» сүрени тийкарында илажлар шөлкемлестирилди. Илажлар даўамында Тақыятаслы оқыўшыларға 3000 дана әдебий китаплар топламы тапсырылды.
Сондай-ақ делегация ағзалары 11-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиӊ жумысы, бул жерде балалардың тәрбияланыўы ушын жаратылған шараятлар менен танысты.
Бақша тәрбияланыўшыларына ҳәр түрли ойыншықлар саўға етилди.

Илаж Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Сурхандәрья ўәлаяты мәденият хызметкерлериниң гала - концерти менен жуўмақланды.
Оған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов, Сурхандәрья ўәлаяты ҳәкими Т.Боболов, Министрлер Кеңеси Баслығы Қ.Сариев қатнасты.