Өзбекстан Президенти Беларусь Бас министри менен әмелий шерикликти раўажландырыў перспективаларын додалады
1821
25-апрель күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев усы күнлерде Ташкент қаласында өткерилип атырған «ИННОПРОМ. Орайлық Азия» халықаралық көргизбесинде Беларусь делегациясына басшылық етип атырған Беларусь Республикасы Бас министри Роман Головченконы қабыллады.
2019-жыл август айында Беларусға болған жоқары дәрежедеги сапарда ерисилген келисим ҳәм питимлерди әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.
Кейинги жылларда Өзбекстан-Беларусь көп қырлы шериклиги раўажланыўында жоқары пәт гүзетилип атырғанлығы қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Атап айтқанда, өз-ара саўда көрсеткишлери турақлы өсип, усы жыл басынан берли 57 процентке өсти. Экономиканың әҳмийетли тармақларында еки мәмлекет жетекши кәрханаларының кооперациясы кеңейип бармақта.
Ушырасыўда товар алмасыў көлемин арттырыў ҳәм пропорционаллығын тәмийинлеў, соныӊ ишинде, буған аўыл хожалығы ҳәм санаат өнимлерин туўрыдан-туўры жеткерип бериў, саўда үйлери тармағын раўажландырыў арқалы ерисиўге айрықша итибар қаратылды.
Машинасазлық, электротехника, фармацевтика, тоқымашылық ҳәм азық-аўқат санаатында, аўыл хожалығы ҳәм туризм тараўларында қоспа жойбарларды алға сүриў зәрүрлиги атап өтилди.
Аймақлар аралық шериклик потенциалын әмелге асырыў, инновциялық бағдарламалар ҳәм мәдений-гуманитар алмасыўды биргеликте қоллап-қуўатлаў перспективалары да додаланды.
Өзбекстан ҳәм Беларусь арасындағы өз-ара мәпдар әмелий шерикликти және де раўажландырыў бойынша еки мәмлекет ҳүкиметлери тәрепинен «жол картасы» қабыл етилиўи бойынша келисимге ерисилди.