Өзбекстан Президенти Россия делегациясын қабыл етти
1891
25-апрель күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев «ИННОПРОМ. Орайлық Азия» халықаралық санаат көргизбесинде қатнасыў ушын Россия делегациясы басшылығында мәмлекетимизде болып турған Россия Федерациясы санаат ҳәм саўда министри Денис Мантуровты қабыллады.
Жоқары дәрежедеги келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде Өзбекстан-Россия әмелий шериклигин еле де кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.
Өз-ара товар алмасыў көлемин арттырыў, инвестиция бағдарламаларын әмелге асырыў ҳәм жаңа жергиликлилестириў жойбарларын алға сүриў, еки мәмлекет аймақлары кооперациясы ушырасыўдың тийкарғы темасы болды.
Машинасазлық, металлургия, аўыл хожалығы, жеңил санаат, химия ҳәм фармацевтика тармақларында қоспа жойбарларды әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.
Усы мүнәсибет пенен усы күнлерде Ташкент қаласында өткерилип атырған санаат көргизбеси шеңбериндеги исбилерменлик илажларының нәтийжелери қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.