Депутатлар аймақларға барып, өз сайлаўшылары менен ушыраспақта
886
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты Д.Утамбетов, Өзбекстан Республикасы Олий Мажилис Нызамшылық палатасы депутаты Л.Сейтова Нөкис районы «Кердер» ҳәм «Бақаншақлы» аўыл пуқаралар жыйынларында өз сайлаўшылары менен ушырасты.
Ушырасыўда аймақты социаллық ҳəм экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша әмелге асырылған жумыслар менен бир қатарда алдағы ўақытларда инвестициялық бағдарлама тийкарында алып барылатуғын қурылыс жумыслары бойынша мағлыўмат берилди.
Буннан соң пуқаралардың мүрəжатлары тыңланып, тийисли орынларға депутатлық сораўнамалар жиберилип, қадағалаўға алынатуғынлығы айтып өтилди.