Қарақалпақстан Республикасы мәденияты күнлери – Бухарада
1410
Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 2-февральдағы «Мәденият ҳәм көркем өнер тараўын және де раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы Қарарына муўапық өз-ара бирге ислесиў принципи астында өз аймағында жумыс алып барып атырған мәденият мәкемелери жәмәәтлериниң басқа аймақларға гастроль сапарларын, аймақтың «мәденият күнлери» илажларын нәтийжели шөлкемлестириў белгиленген еди.
Мине, усы тийкарда 26-29-апрель күнлери Бухара ўәлаятында Қарақалпақстан Республикасы мәденияты күнлери болып өтти.
Мәденият ҳәм көркем өнер тараўы хызметкерлери, шайыр ҳәм жазыўшылардан ибарат қарақалпақстанлы мийманлар ҳүрмет пенен күтип алынды.
Қарақалпақстан Республикасы мәденияты күнлериниң ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов, Бухара ўәлаяты ҳәкими орынбасары Б.Шахриёров, Бухара қаласы ҳәкими Ж.Носировлар шығып сөйлеп, Бухара ўәлаятында Қарақалпақстан Республикасы мәденияты күнлериниң ашылыўы менен қутлықлады.
Қарақалпақстан Республикасы мәденияты күнлери Бухара ўәлаятының қала ҳәм районларында даўам етти.


Қарақалпақстан Республикасы мәденияты күнлери Бухара ўәлаятының қала ҳәм районларында даўам етти.

