ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕС КОМИТЕТ МӘЖИЛИСИНДЕ
1420
Тәбиятты қорғаў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызамы ҳәм тийисли ҳүкиметлик қарарлары талапларының Қоңырат районында орынланыў барысы бойынша исши топардың мәлимлемеси тыӊланды
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Аграр, суў хожалығы, тәбиятты қорғаў ҳәм экология мәселелери комитетиниң видеоконференцбайланыс тәризинде мәжилиси болып өтти. Онда Жоқарғы Кеӊес депутатлары ҳәм районлардағы студиялардан ҳәким орынбасарлары, тийисли тараў ўәкиллери қатнасты.
Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Утамбетов ашты ҳәм басқарып барды.

Мәжилисте «Тәбиятты қорғаў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызамы ҳәм тийисли ҳүкиметлик қарарлары талапларының Қоңырат районында орынланыў барысы ҳаққында исши топардың үйрениў нәтийжелери бойынша Жоқарғы Кеңес депутаты З.Бабаджановтың мәлимлемеси тыңланды.
Атап өтилгениндей, Қоӊырат районында соӊғы жылларда қоршаған орталықты қорғаў, тәбийий ресурслардан ақылға муўапық пайдаланыў, санитария ҳәм экологиялық жағдайды жақсылаў, турмыслық шығындыларды қайта ислеў, аймақларды көклемзарластырыў ҳәм жасыл майданларды кеңейтиў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылған.
Әмелге асырылған жумыслар менен бир қатарда, районында «Тәбиятты қорғаў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызамы ҳәм тийисли ҳүкиметлик қарарлары талапларының орынланыў барысында бир қатар кемшиликлерге жол қойылған.
Атап айтқанда, нызам талапларының орынланыўы барысы Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесинде, сондай-ақ, тийисли турақлы комиссия мәжилислеринде соңғы 3 жыл даўамында улыўма қарап шығылмаған.
Соныӊ менен бир қатарда, районда соӊғы 3 жылда анықланған нызам бузыўшылық ҳалатлар анализлеп қаралғанда 2019-жылға салыстырғанда 2021-жылда ҳайўанатлар дуньясын қорғаў бойынша нызам бузыўшылық ҳалатлары 48 есеге, атмосфера ҳаўасын қорғаў бойынша нызам бузыўшылық ҳалатлары 5,4 есеге, өсимликлер дүньясын қорғаў бойынша нызам бузыўшылық ҳалатлары 4,1 есеге ҳәм де шығындылар менен байланыслы нызам бузыўшылық ҳалатлары 1,2 есеге өсип кетиўине жол қойылған.
Сондай-ақ, район аймағындағы қоршаған орталыққа зыянлы тәсир жасаўшы 1-категорияға кириўши 18 кәрхана тәрепинен жәми 71,5 млн. сўмлық компенсация төлемлери 2019-жылдан баслап усы күнге шекем төленбеген.
Мәжилисте тийисли жуўапкерлер тәрепинен анықланған машқалаларды сапластырыў илажлары бойынша мәлимлеме берилди.

Мәжилис күн тәртибиндеги мәселе бойынша додалаў ҳәм пикир усыныслардан соӊ исши топар мәлимлемеси мәжилис шешими менен мағлыўмат ушын қабылланды ҳәм де Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезектеги сессиясында еситиў ушын усыныс етилди.

Қарақалпақстан Республикасы Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети