ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕС КОМИТЕТ МӘЖИЛИСИНДЕ
1159
Мәжилисте «Қарақалпақстан Республикасыныӊ ҳәкимшилик-аймақлық дүзилис ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасыныӊ Нызам жойбары додаланды, Қарақалпақстан Республикасы суды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды баслықларының ҳәм де Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниӊ мәлимлемелери тыңланды. Онда ҳуқық қорғаў уйымы ўәкиллери, тийисли тараў басшылары, Жоқарғы Кеӊес депутатлары қатнасты.
Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы З.Реймова ашты ҳәм басқарып барды.

Мәжилисте дәслеп «Қарақалпақстан Республикасыныӊ ҳәкимшилик-аймақлық дүзилиси ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасыныӊ Нызам жойбары додаланды.
Усынылып атырған Нызам жойбары, жәми 8 бап, 31 статьядан ибарат болып, оныӊ тийкарғы мақсети – Қарақалпақстан Республикасының ҳәкимшилик-аймақлық дүзилисиниң қурамлы бөлимлерин нызамлы нормалар арқалы беккемлеў, ҳәкимшилик-аймақлық дүзилиси мәселелериниң мәмлекет тәрепинен тәртипке салыўды әмелге асырыўшы уйымлар ҳәм олардың ўәкилликлерин белгилеў болып есапланады.
Мәжилис күн тәртибинен орын алған кейинги мәселе Қарақалпақстан Республикасы суды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды баслықларының судлар тәрепинен 2022-жылдың өткен 3 айы даўамындағы әдил судлаўды әмелге асырыў барысы бойынша жумыслары ҳаққында болды.
Судлар тәрепинен берилген мағлыўматларға қарағанда 2022-жылдың 1-шереги даўамында 633 шахстың қарсысындағы 494 жынаят иси көрип шығылып, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда шахслар саны 67,9 пайызға, ислер саны 59,9 пайызға артқан.
Судланған шахслар саны 424 ти қурап, өткен жылға салыстырғанда 74,5 пайызға өскен.
Сондай-ақ, 2022-жылдың 1-шерегинде өте аўыр жынаят ислеп судланған шахслар 28 ди қурап, 9,3 пайызға, аўыр жынаятларды ислеп судланған шахслар 145 ти қурап, 49,5 пайызға көбейген.
Буннан соӊ, ишки ислер уйымлары тәрепинен 2022-жылдыӊ 3 айы даўамында жынаятшылыққа қарсы гүресиў, ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм де жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў мәселелери бойынша Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрилигиниӊ мәлимлемеси тыӊланып, усы жылдың 3 айы даўамында республика бойынша улыўма жүз берген жынаятлар саны өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 9,5 пайызға яғный 624 тен 683 ке өскенлиги қатаӊ сынға алынды.
Мәжилис күн тәртибиндеги мәселелер толық көрип шығылып, мәжилис шешими қабыл етилди.

Қарақалпақстан Республикасы Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети