Жоқарғы Кеӊес Баслығы Европа аўқамы делегациясын қабыл етти
1821
Усы жылдыӊ 28-апрель күнинен баслап Европа Аўқамыныӊ делегациясы елши Шарлотта Адриан басшылығындағы Европа аўқамына ағза мәмлекетлериниӊ Өзбекстандағы елшиханалары басшылары республикамызда сапарда болмақта.
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ Баслығы М.Камалов делегация ағзаларын қабыллады.
Қабыллаўда Жоқарғы Кеңес Баслығы М.Камалов делегация ағзаларын республикамызға сапары менен қутлықлап, Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы мәмлекетлери арасындағы сиясий, саўда-экономикалық, мәдений-гуманитар, салаларда алып барылып атырған жумыслар, сондай-ақ, Арал теӊизи апатшылығыныӊ унамсыз ақыбетлерин жумсартыў ушын Аўқамға ағза мәмлекетлер тәрепинен әмелге асырылып атырған илажларды айрықша атап өтти.

Өз нәўбетинде елши Шарлотта Адриан жыллы жүзлилик пенен қабыл еткени ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығына өз миннетдаршылығын билдирди.

Қабыллаўдан соӊ делегация ағзалары менен жергиликли ғалаба хабар қураллары ўәкилериниӊ Пресс-конференциясы болып өтти.
Онда Аралбойы аймағында экологиялық апатшылық ақыбетлерин жумсартыў ҳәм жасыл тоғайзарлар менен қапламалар пайда етиў бойынша алып барылып атырған жумыслардыӊ барысы, сондай-ақ, Өзбекстандағы БМШ қәўендерлигиндеги Арал регионы ушын көпшериклик траст фонды шеңберинде әмелге асырылып атырған жойбарлар, Европа Аўқамы мәмлекетлери менен сыртқы саўда айланбасы мәселелери бойынша сораў-жуўаплар болды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети