Урыс ветеранларына Президент саўғалары тапсырылды
1780
9-май улыўма халықлық байрамы – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни сондай-ақ, фашизм үстинен ерискен уллы жеӊистиӊ 77 жыллық байрамы мүнәсибети менен, ветеранларға Президент саўғалары тапсырылды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ Баслығы Мурат Камалов, Министрлер Кеӊеси, қалалық ҳәм районлық ҳәкимликлер ҳәм мәмлекетлик және жәмийетлик шөлкемлердиң ағзалары бүгинги тыныш күнлерде арамызда жасап атырған 4 урыс қатнасыўшысыныӊ, яғный Төрткүл районында жасап атырған Иван Галенконыӊ, Қараөзек районында өмир сүрип атырған Генжемурат Алланиязовтыӊ, Нөкис қаласындағы Қәдирбай Нармановтыӊ, қанлыкөлли Оразбай Наметуллаевтыӊ шаӊарағына барып, олардыӊ ҳал жағдайынан хабар алды.
Жоқарғы Кеӊес Баслығы М.Камалов ветеранларға Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёвтыӊ байрам қутлықлаўын оқып еситтирди ҳәм олардыӊ ҳәр бирине 15 миллион сўм ақша, қымбат баҳалы саўғаларын тапсырды.
Халқымыз ардағында болып атырған бул нураныйларымыздыӊ пүткил инсаниятты фашизмнен азат етиў жолында көрсеткен мәртлик ислери, үлкен исеним ҳәм шыдамы бүгинги ҳәм де келешек аўладлар ушын ибрат үлгиси саналады.
Республикамыздыӊ барлық қала ҳәм районларында Еслеў ҳәм қәдирлеў күнине бағышланған илажлар даўам етпекте.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети