Еслеў ҳәм қәдирлеў күни белгиленди
3198
Пайтахтымызда Еслеў ҳәм қәдирлеў күни ҳәм Екинши жер жүзилик урыста ерисилген Жеңистиң 77 жыллығы белгиленди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Мурат Камалов, республика парламенти ҳәм ҳүкимети ағзалары, ҳуқық қорғаў уйымларының, оқыў орынларының, жәмийетлик шөлкемлердиң басшылары, мийнет ветеранлары, кең жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Бул жерде дәслеп, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов, Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев ҳәм басқа да рәсмий адамлар әскерий оркестр музыкасы астында естелик алдына гүл шеңберлерин қойды.

Бул жерге министрликлер менен ведомстволар, оқыў орынлары, жәмийетлик шөлкемлер, жаўынгер интернационалистлер ҳәм ветеранлар атынан да гүл шеңберлери қойылды.
Оннан соң Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери атқарылды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети