Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жигирма сегизинши сессиясы ҳаққында мәлимлеме
2034
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жигирма сегизинши сессиясы болып өтти.
Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты, Қарақалпақстан Республикасы ҳүкимети ағзалары, секторлардың ҳәм тараўлардың басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, сондай-ақ, Жоқарғы Кеңестиң депутатлары қатнасты.
Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.
Дәслеп депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.
Сессия күн тәртибиндеги дәслепки мәселе бойынша яғный «Баспа жумысы ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары туўралы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Социаллық-мәдений раўажланыў, жаслар сиясаты ҳәм жәмийетлик бирлеспелери мәселелери комитети баслығыныӊ орынбасары Т.Романов баянат жасады.
Нызам жойбары 7 бап, 34 статьядан ибарат. Яғный, ҳәрекеттеги Нызамға салыстырғанда 18 статья менен байытылмақта.
Жаӊа редакциядағы Нызамға ҳәрекеттеги Нызамда болмаған тийкарғы түсиниклер ҳәм де оларды түсиндириўши тийисли статьялар киргизилмекте.
Атап айтқанда, таярланған нызам жойбарына “баспа жумысы”, “баспа”, “баспа өними”, “баспа өнимлерин ислеп шығарыўшы”, “басылымныӊ шығыўына байланыслы мағлыўматлар”, “баспа жумысы субъектлери” сыяқлы бир қатар түсиниклер киргизилмекте.
Усы атамалар ҳәрекеттеги нызамныӊ белгили бир қағыйдаларыныӊ орнын толтырып ғана қоймастан, ал, заманагөй нызамшылық техникасына, ҳәзирги әмелияттыӊ талапларына, сондай-ақ, баспа жумысын раўажландырыў тенденцияларына муўапық текстти баян етиўде бир қанша қолайлықлар жаратады.
Бул мәселе бойынша депутатлар тийисли қарар қабыл етти.
Сессия күн тәртибиндеги екинши мәселе қала ҳәм районларда «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламаларының орынланыўы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кенесиниң есабаты туўралы болды. Бул мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығыныӊ орынбасары Е.Аташовтың есабаты тыӊланды.
Атап өтилиўинше 2021-жылда ҳәр бир қала ҳәм районлардан 34 аўыл ҳәм мәҳәллелерде 245,6 млрд. сўмлық 775 объектте қурылыс, оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары алып барылған.
Быйылғы жылда болса, бағдарлама шеңберинде 9 мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде, 8 улыўма орта билим бериў мектебинде, 4 денсаўлықты сақлаў объектинде, 14 мәҳәлле имаратларында қурылыс жумысларын алып барыў, ишимлик суў тамийнаты ҳәм ақаба суў системасын жақсылаў мақсетинде 197 км жаңа тармақ қурыў ҳәм 41 км тармақларды реконструкциялаў ҳәм де 18 суў иншаатын қурыў ҳәм реконструкциялаў, 278,3 км ишки жолларды оңлаў, 159,5 км электр тармақларын тартыў ҳәм 51 трансформатор орнатыў, 9,4 км ирригация ҳәм мелиорация тармақларын оңлаў, 40,9 км газ тармақларын жақсылаў ҳәм 83 дана газ бөлистириў пунктлерин алмастырыў, 47,3 км пиядалар жолларын қурыў режелестирилген.

Сессияныӊ күн тәртибиндеги кейинги мәселеде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатыныӊ 2021-жыл 28-майдағы “2030-жылға шекем Өзбекстан Республикасында гендер теӊликке ерисиў стратегиясын тастыйықлаў ҳаққында”ғы СҚ-297-IV-cанлы қарарында белгиленген ўазыйпалардыӊ 2021-2022-жылларда Қарақалпақстан Республикасында әмелге асырылыўы белгиленген илажлар режесиниӊ орынланыўы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Шаӊарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети баслығыныӊ мәлимлемеси тыӊланды.
Бул мәселе бойынша да депутатлар тәрепинен тийисли қарар қабыл етилди.
Буннан соӊ сессияда Ҳуқықбузарлықтың алдын алыў ҳәм олардың профилактикасы жағдайы ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниӊ есабаты туўралы мәселе көрип шығылды.
Ишки ислер министри А.Орынбаев өз есабатында министрлик тәрепинен әмелге асырылған жумыслар менен бир қатарда, айырым аймақлар ҳәм мәҳәллелердеги аўыр криминоген жағдай – жынаятшылықты қадағалаўға алыў барысында елеге шекем кɵплеген шешимин таппаған мәселелер бар екенлигин атап өтти.

Атап айтқанда, ɵткен жылдың 12 айы даўамында Қарақалпақстан Республикасы аймағында жүз берген 3 мыңнан артық жынаятлардың 40 пайызын алды алыныўы мүмкин болған жынаятлар қураған.
Соннан, қастан адам ɵлтириў жынаятының 54,5 пайызы ҳəм дене жарақатын жеткизиў жынаятының 5,9 пайызы ɵз-ара жәнжеллер, шаңарақтағы келиспеўшиликлер ақыбетинде жүз берген.
Шаңарақ шеңбериндеги қастан адам ɵлтириў жынаяты Нөкис қаласында 45,5 пайызға, Тақыятас, Қоңырат ҳəм Елликқала районларында 100 пайызға өсип кеткен.
Дене жарақатын жеткизиў жынаятлары Нөкис қаласында 80,3 пайызға, Əмиўдəрьяда 53,7 пайызға ҳәм Төрткүл районында 45,7 пайызға өсип кетиўине жол қойылған.
Сондай-ақ, ең кɵп дене жарақатын жеткизиў жынаятлары Тɵрткүл, Әмиўдәрья ҳәм Беруний районларында, ең кɵп урлық жынаятлары Қоңырат ҳәм Хожели районларында жүз берген.
Усы аймақларда жүз берген жынаятлардың себеплери үйренип шығылғанда шаңарақтағы келиспеўшилик ҳәм ɵз-ара жәнжеллер аўыр ҳәм ɵте аўыр түрдеги жынаятлар жүз бериўиниң тийкарғы себеплериниң бири болған.
Бул мәселе бойынша сораў жуўаплардан соӊ депутатлар тәрепинен тийисли қарар қабыл етилди.
Мектепке шекемги билимлендириў тараўын реформалаў ҳǝм раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министриниӊ есабаты сессияныӊ нәўбеттеги мәселеси етип қойылды.
Бул бойынша Мектепке шекемги билимлендириў министри Ж.Уснатдинова баянат жасады.
Баянатта атап өтилгениндей, 2017-жылы Қарақалпақстанда жәми 318 мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми жумыс алып барған болса, бүгинги күнде олардыӊ саны 1446 ға жеткен. Соннан 434 мәмлекетлик, 2 мәкемеге қараслы, 84 мәмлекетлик-жеке шериклик, 13 жеке меншик ҳәм 913 шаңарақлық мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери болып табылады.
Бүгинги күнде аймағымыздағы 3-7 жасқа шекемги 153464 баладан 119470 бала мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине қамтып алынған болып, көрсеткиш 77,8 процентке жеткерилген ҳәм 2020-жылға салыстырғанда 9,0 процентке өскен.
Усы орында айтып өтиў орынлы, 2017-жылы балаларды қамтып алыў көрсеткиши 27,6 процентти қураған болса, бүгинги күнге келип бул көрсеткиш 77,8 процентке жеткерилген.
Бул мәселе бойынша да сораў жуўаплардан соӊ депутатлар тәрепинен тийисли қарар қабыл етилди.
Сондай-ақ, сессияда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 24-февральдағы «Өзбекстан Республикасында суў ресурсларын басқарыў ҳәм ирригация секторын раўажландырыўдың 2021-2023-жылларға мөлшерленген стратегиясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы ПҚ-5005-санлы қарары талапларының Қарақалпақстан Республикасында 2021-жылда орынланыўы ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министриниң мәлимлемеси туўралы ҳәм де Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының тийисли қарарларын тастыйықлаў ҳаққындағы мәселелер көрип шығылды.
Депутатлар бул мәселе бойынша да тийисли қарар қабыл етти.
Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жигирма сегизинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети