Жоқарғы Кеӊесте Башқуртстан делегациясы менен ушырасыў болып өтти
876
Бәршеӊиздиӊ хабарыӊыз бар, 16-май күни Башқуртстан Республикасыныӊ басшысы Радий Хабиров басшылығындағы ҳүкимет ағзалары, министрлик ҳәм мәкеме басшыларынан ибарат делегация Қарақалпақстанға келген еди.
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесинде Жоқарғы Кеӊес Баслығы Мурат Камалов ҳәм ҳүкимет ағзаларыныӊ Башқуртстан делегациясы менен ушырасыўы болып өтти.
Ушырасыўда Жоқарғы Кеңес Баслығы М.Камалов делегация ағзаларын республикамызға сапары менен қутлықлап, еки ел арасындағы өз ара дослық, саўда-экономикалық, мәдений-гуманитар салаларда алып барылып атырған жумысларды айрықша атап өтти.
Өз нәўбетинде Башқуртстан Республикасы басшысы Р.Хабиров жыллы жүзлилик пенен қабыл еткени ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығына өз миннетдаршылығын билдирип, инвестиция ҳәм экономикалық салаларда биргеликте жумыс алып барыўдан мәпдар екенлигин атап өтти.

Ушырасыў соӊында өз-ара бирге ислесиў бойынша келисимге қол қойылды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети