Президент қарарыныӊ орынланыў мәселеси додаланды
988
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ киши мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2021-жыл 29-июль күни қабыл етилген “Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясыныӊ 2021-жыл 18-майдағы “Аралбойы регионын экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы деп жәриялаў ҳаққында”ғы арнаўлы резолюциясын әмелге асырыў илажлары туўралы” қарарыныӊ орынланыў барысы бойынша мәжилис болып өтти.
Оған Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенатыныӊ Аралбойы регионын раўажландырыў мәселелери ҳәм экология комитети баслығы Б.Алиханов Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасы Спикериниӊ орынбасары Х.Гаппоров, сондай-ақ, Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм де Жоқарғы Кеӊес депутатлары, Министрлер Кеӊеси Баслығыныӊ орынбасарлары, тийисли министрлик, комитет ҳәм басқарма баслықлары қатнасты.
Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси Баслығыныӊ орынбасары А.Давлетов ашты ҳәм басқарып барды.

Мәжилис күн тәртибинде бир мәселе, яғный, Президент қарарыныӊ тийисли министрлик, комитет, басқарма, қала ҳәм район ҳәкимликлери тәрепинен орынланыў барысы додаланды.
Президент қарары менен тастыйықланған “Жол карта” тийкарында Қарақалпақстан Республикасында бир қатар жойбарлар ҳәм илажлар әмелге асырылыўы режелестирилген болып, бул жойбар ҳәм илажлардыӊ орынланыўы Олий Мажлис ҳәм Жоқарғы Кеӊес депутатлары тәрепинен қадағалаўға алынып, турақлы түрде үйренип барылмақта.
Мәжилисте Олий Мажлис Сенатыныӊ комитет баслығы Б.Алиханов сөзге шығып, “Жол карта”ныӊ орынланыў барысыныӊ үйрениў жуўмағы бойынша әмелге асырылған жумысларға айрықша тоқтап өтти.

Орынланыўы кешиктирилип атырған ўазыйпаларды қатаӊ сынға алды.

Мәжилис видеоконференцбайланыс арқалы өткерилип, қала ҳәм район студияларынан ҳәкимлер, тийисли кәрхана, мәкеме, шөлкем басшылары да қатнасты.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети