Ташкент қаласы делегациясы Пайтахтымызда
1298
Бәршеӊиздиӊ хабарыӊыз Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтыӊ Қарақалпақстан Республикасына болған сапары даўамында белгилеп берген ўазыйпалары тийкарында Нөкис қаласын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў халықтыӊ турмыс дәрежесин арттырыўға әмелий жәрдем көрсетиўге Ташкент қаласы бириктирилген еди.
Бүгин Ташкент қаласы ҳәкими басшылығындағы делегация ағзалары Пайтахтымызға келип, мәҳәллелер ҳәм де социаллық объектлерде үйрениў жумысларын алып барды. Қалада жаӊадан қурылып атырған «Дослық» бағыныӊ жумыс барысы менен танысты.
Оннан соӊ «Бес баслама ҳәрекети, Нөкис – 2022» сүрени тийкарында гала концерти болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ Баслығы М.Камалов ҳәм Ташкент қаласы ҳәкими Ж.Ортиқхўжаев қатнасты.
Гала концерти Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына белгили көркем өнер шеберлериниң, эстрада қосықшылардың ҳәм жас атқарыўшылардың концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети