Коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери додаланды
1596
Бәршеӊиздиӊ хабарыӊыз бар, коррупцияға қарсы гүресиў бойынша алып барылып атырған әмелий илажлар Жоқарғы Кеӊес сессияларында, аймақлық кеӊес мәжилислеринде турақлы додаланып келинбекте.
Бүгин өткерилген мәжилисте коррупцияныӊ алдын алыў бойынша алып барылып атырған илажлар ҳаққында болды.
Мәжилиске Өзбекстан Республикасы Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги директорыныӊ орынбасары У.Тухташева, Бас Прокуратура басқармасы баслығыныӊ орынбасары Ш.Мухаматов ҳәм Саўда-санаат палатасыныӊ басқарма баслығы Б.Ибадуллаев, сондай-ақ, Коррупцияға қарсы гүресиў аймақлық кеӊеси ағзалары, мәмлекетлик басқарыў уйымлары басшылары, министрликлер, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ҳәм видеоконференцбайланыс арқалы қала ҳәм район ҳәкимлери қатнасты.
Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси Баслығыныӊ орынбасары А.Давлетов ашты ҳәм басқарып барды.
Бүгинги күнде елимизде коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылыстың барлық тараўларында коррупциогенлик факторларға шек қойыўға қаратылған кең көлемли реформалар алып барылмақта, мәмлекетте бюрократиялық тосқынлықларды сапластырыў ҳәм «жасырын экономика»ны қысқартыў илажлары көрилмекте.
Мәжилисте дәслеп, Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги директорыныӊ орынбасары У.Тухташева сөзге шығып, тараўларда ушырасып атырған коррупциялық жынаятлар ҳәм олардыӊ алдын алыў илажлары ҳаққында атап өтти.

Оннан соӊ, өткен дәўир аралығында коррупцияға қарсы гүресиў, соныӊ ишинде қала ҳәм район ҳәкимликлеринде әмелге асырылған жумыслар бойынша Қарақалпақстан Республикасы Прокуроры Ф.Алламбергеновтыӊ баянаты тыӊланды.
Атап өтилгениндей, өткен жылы республикадағы түрли дәрежедеги 202 лаўазымлы шахслар, 94 тараў хызметкерлери, 54 пуқара, усы жылдыӊ 4 айы даўамында болса, 98 лаўазымлы шахслар, 36 тараў хызметкерлери, 18 пуқара коррупция менен байланыслы жынаят ислеп, жуўапкершиликке тартылған.
Соӊғы 2 жылда ҳәким орынбасарларына 10 жынаят иси ашылып, терегеў нәтийжесине көре 11 шахсқа айыплаў жәрияланып, судқа жиберилген.
Мәжилисте айрым қала ҳәм район ҳәким орынбасарларыныӊ коррупцияға жол қойғанлығы бойынша аймақлық кеӊес ағзалары тәрепинен үйрениў жумысларыныӊ нәтийжеси, коррупцияға жол қойған қала ҳәм район ҳәкимликлериндеги кемшиликлерди сапластырыў бойынша ислеп шығылған “Жол картасы” ҳаққындағы мәселелер де додаланды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети