ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕС БАСЛЫҒЫ МЕКТЕП ПИТКЕРИЎШИЛЕРИН ҚУТЛЫҚЛАДЫ
1517
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов пайтахтымыздағы 37-санлы қәнигелестирилген улыўма билим бериў мектебинде өткерилген соңғы қоңыраў илажында қатнасты.
Дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары мәмлекетлик гимни атқарылды.
Илажда Жоқарғы Кеңес Баслығы мектеп питкериўшилерин шын кеўилден қутлықлап, Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ мектеплерди питкериўши ул-қызларға жоллаған қутлықлаўын оқып еситтирди.
Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен үлгили, белсенди оқыўшыларға ҳәм оларды камалға келтирип, тәрбиялаған ата-аналарына, оларға билим берген муғаллимлерге миннетдаршылық билдирди.
Илажда соңғы қоңыраў қағылды. Мектеп оқыўшылары атқарыўындағы қосық ҳәм ойынлар жыйналғанларға көтериңки кейпият инам етти.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети
Илажда соңғы қоңыраў қағылды. Мектеп оқыўшылары атқарыўындағы қосық ҳәм ойынлар жыйналғанларға көтериңки кейпият инам етти.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети