Университеттиӊ 45 жыллығы болып өтти
1490
Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниӊ 45 жыллығы болып өтти.
Оған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ Баслығы М.Камалов қатнасты.
Дәслеп Жоқарғы Кеӊес Баслығы университет тарийхына байланыслы көргизбе менен танысты.

Оннан соӊ «Қарақалпақстан регионында жоқары билимлендириў ҳәм илим-пән раўажланыўында Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниӊ орны: кеше, бүгин, келешек» атамасындағы халықаралық илимий-әмелий конференция болып өтти.
Конференцияда Жоқарғы Кеӊес Баслығы М.Камалов шығып сөйлеп, университеттиӊ 45 жыллығы менен қызғын қутлықлады.
Республикамыздыӊ социаллық-экономикалық турмысында аҳмийетли орын ийелейтуғын бул дәргайдан барлық тараўлар ушын жоқары маман кадрлар жетилисип шықпақта.
Соныӊ менен бир қатарда, сырт еллердеги абыройлы жоқары оқыў орынлары менен бирге ислесиўлер жолға қойылмақта.
Университет жаслары Өзбекстан ҳәм халықаралық көлемде өткерилип киятырған спорт жарысларында, ҳар қыйлы таӊлаўларда жоқары табысларға ериспекте.
Талантлы студент жаслар “Зульфия” ҳәм “Ниҳол” сыйлықларына миясар болмақта.
Әлбетте, бул табысларда университетти түрли жылларда басқарған ректорлардан Чаржаў Абдиров, Марат Нурмухаммедов, Камал Мәмбетов, Қуўанышбай Өтениязов, Азат Матчанов ҳәм басқада басшылардыӊ, бул жерде жасларға билим берип атырған профессор оқытыўшылардыӊ мийнетлерин айрықша атап өтиў орынлы.
Конференцияда сырт еллердеги абыройлы жоқары оқыў орынлары ҳәм Өзбекстан Республикасындағы жоқары оқыў орынлары басшлыларныӊ қутлықлаўлары оқып еситтирилди.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси Баслығы Қ.Сариев қатнасты.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети