Жоқарғы Кеӊес мәжилисинде
1557
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесинде газета-журналларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәмде қала ҳәм район ҳәкимликлери мәлимлеме хызметиниӊ жумысларын жетилистириўге бағышланған мәжилис болып өтти.
Мәжилис Жоқарғы Кеӊес ҳәмде қала ҳәм район ҳәкимликлери студияларынан видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилди.
Оған республика студиясынан Жоқарғы Кеӊес комитет баслықлары, Министрлер Кеӊеси Баслығыныӊ орынбасарлары, тийисли министрлик, мәкеме ҳәм шөлкем басшылары, баспасөз тараўы ўәкиллери, қала ҳәм район студияларынан ҳәкимлер, олардыӊ тийисли орынбасарлары, мәлимлеме хызмети басшылары, қалалық ҳәм районлық газеталардыӊ редакторлары қатнасты.
Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси Баслығыныӊ орынбасары А.Давлетов ашты ҳәм басқарып барды.
Мәжилисте баспасөз басылымлары редакцияларыныӊ финанслық-экономикалық аўҳалын жақсылаў, басылымлардыӊ мазмунын байытыў ҳәм полиграфиялық сапасын жақсылаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Ҳақыйқатында да, бүгинги интернет ҳәм социаллық тармақларда жарытылып атырған материаллар менен бир қатарда жәмийет турмысында газета ҳәм журналлар әҳмийетли орын ийелейди.
Әсиресе, ана тилимиздиӊ тазалығын сақлаўда, ҳәр тәреплеме талқыланған материалларды оқыўшыларға жеткериўде баспа басылымлардыӊ орны айрықша саналады.
Солай екен, бүгингидей өтиў дәўиринде газета-журналларды қоллап-қуўатлаў –бул жәмийет ушын да, редакция жәмәәти ушын да ийгиликли ислерден саналады.
Мәжилисте қала ҳәм район ҳәкимлерине, тийисли уйым басшыларына газета-журналлардыӊ әҳмийетлилигин, баспасөз басылымларына жазылыўдың мәжбүрий емеслигин есапқа алып, жазылыўды шөлкемлестириўде өзлери өрнек көрсетип, кең түрде үгит-нәсият илажларын алып барыў усыныс етилди.
Сондай-ақ, мәжилисте қала ҳәм район ҳәкимликлеринде жумыс алып барып атырған мәлимлеме хызмети басшыларыныӊ жумысларына сын көз қарастан баҳа берилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети