МҚХ кубоги жарысына старт берилди
1334
Нөкис қаласындағы 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде мини футбол бойынша Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубоги ушын жарысының Қарақалпақстан Республикасы басқышына старт берилди.
Дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов шығып сөйлеп, жарыс қатнасыўшыларына әўмет тиледи.
Жәмлеспеген, кем тәмийинленген ҳәм жумыссыз жаслар арасында дене тәрбия ҳәм спортты, халықтың арасында саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаў, жасларды дене тәрбиясы ҳәм спорт пенен турақлы шуғылланыўға тартыў, соның ишинде, футбол ҳәм мини футбол түрин ғалаба ен жайдырыў мақсетинде шөлкемлестирилген жарыста қалалық ҳәм районлық басқышларда жеңимпаз болған командалар қатнаспақта.
Жарыс даўам етпекте. Жеңимпаз команда август айында Ташкент қаласында болып өтетуғын республика финал басқышына жоллама алады.