Берунийде ғәлле орым-жыйын мәўсими ушын көргизбели семинар болып өтти
1346
Бүгин Беруний районындағы «Якубов Жонибек» фермер хожалығында ғәлле орым-жыйын мәўсими ушын көргизбели семинар өткерилди.
Семинарға барлық район ҳәкимлери, сектор басшылары, тараў қәнигелери қатнасты.
Семинарда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов шығып сөйлеп, быйылғы жылы ғәллени сапалы ҳәм қысқа мүддетте жыйнап алыў, сондай-ақ, орым-жыйын мапазында ислениўи тийис ўазыйпалар ҳаққында айтып өтти ҳәм ғәллекешлеримизге бәлент қырман тиледи.

Беруний районында 197 фермер хожалықлары ҳам 2 кластер тәрепинен 5000 гектар жерге ғәлле егилген болып, орым-жыйын мәўсимине 14 отряд бириктирилген. Районда 2022-жыл ғәлле зүрәәтинен мәмлекетке 7350 тонна ғәлле тапсырыў белгиленген.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети