Жоқарғы Кеӊес мәжилисинде
1248
Соӊғы ўақытлары елимизде пуқаралардыӊ нызамлы мәплерин қорғаў, әсиресе транс миллий жынаятшылық есапланған адам саўдасына қарсы гүресиўге мәмлекетлик дәрежеде итибар қаратылып киятыр. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенатының Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери комитети тәрепинен «Адам саўдасына қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамыныӊ республикамызда орынланыў барысы үйренилди. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесинде видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилген қоспа мәжилис усы үйрениў жумысларыныӊ жуўмағына бағышланды.
Олий Мажлис Сенаты ағзалары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси депутатлары, хуқық қорғаў уйымларыныӊ хызметкерлери, тийисли тараў басшылары ҳәм ғалаба хабар қуралларыныӊ ўәкиллери қатнасқан мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси Баслығыныӊ орынбасары Атабек Давлетов кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.

Мәжилисте «Адам саўдасына қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Нызамыныӊ Қарақалпақстан Республикасында 2021-жылда ҳәмде 2022-жылдыӊ биринши шерегинде орынланыў барысы бойынша мағлыўмат берилди. Атап өтиў тийис соӊғы жылларда республикамыз аймағында адам саўдасына қарсы гүресиўге қаратылған жумыслардыӊ нәтийжелилигин арттырыў ҳәмде бул бағдардағы жынаятшылықтыӊ алдын алыўда бир қатар әмелий ҳәм үгит-нәсият илажлары алып барылмақта. Лекин бул бағдарда орынлдарда еледе кемшиликлерге жол қойылып атырғанлықларыда атап өтилди. Мәселен 2021-жылда республикамызда адам саўдасы ҳәм мәжбүрий мийнеттиң алдын алыўға қаратылған 54 үгит-нәсият жумыслары жүргизилгенлиги ал 2022-жылдыӊ өткен дәўири ишинде бир үгит-нәсият илажы ҳәм 33 көшпели ушырасыўлардыӊ өткерилгенлиги мәлим болды.
Мәжилис даўамында адам саўдасы қурбанларын анықлаў, қорғаў ҳәм социаллық реабилитациялаў адам саўдасына байланыслы пуқараларды тергеў ҳәм жуўапкерликке тартыў, сондай-ақ жынаятшылықтыӊ алдын алыў бағдарында әмелге асырылған әмелий ҳәм шөлкемлестириўшилик илажлар, мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў бойынша әмелге асырылған жумыслар, сондай-ақ адам саўдасы менен байланыслы жынаятлардыӊ жүз бериў себеплери оған имканият жаратып берип атырған жағдайларды сапластырыў бағдарында көрилип атырған илажлар ҳаққында тийисли тараў басшыларыныӊ есабатлары тыӊланды.

Мәжилис даўамында адам саўдасынан жәбирленген пуқараларды қоллап-қуўатлаў, жүз берген жынаяталардыӊ себебин үйрениў, адам саўдасы менен байланыслы жынаятларды ислеўи ямаса усы түрдеги жынаят қурбаны болыўы мүмкин болған ишки ислер бөлимлеринде есапта турған пуқаралар менен жеке тәртипте профилактикалық сәўбетлесиўлер алып барыў бойынша бир қатар ўазыйпалар белгилеп берилди.
Мәжилисте адам саўдасына қарсы гүресиў бойынша аймақлық комиссиялардың жумыс нәтийжелилигин арттырыў, сырт еллерде болған республикамыз пуқараларының ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги ҳәм оның қала, районлардағы орайлары тәрепинен пуқараларды сырт еллерде рәсмий түрде жумысқа орналастырыў жумысларын жақсы жолға қойыў мәселелеринеде айрықша итибар қаратылды.
Мәжилис соӊында күн тәртибинде көрип шығылған мәселелер бойынша тийисли қарар кабыл етилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети