«Конституциялық реформаларды әмелге асырыў арқалы мәмлекеттиң раўажланыў жолларын белгилеў» атамасында ушырасыў өткерилди
Усы жылдың 11-июнь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Конституциялық реформаларды әмелге асырыў арқалы мәмлекеттиң раўажланыў жолларын белгилеў» атамасында ушырасыў болып өтти. Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты ағзасы Б.Матмуратов, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы депутаты Л.Сейтова, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ комитет баслығы З.Реймова, университет профессор – оқытыўшылары, студент-жаслар қатнасты.
Ушырасыўда дәслеп, Олий Мажлиси Сенаты ағзасы Б.Матмуратов, Нызамшылық палатасы депутаты Л.Сейтова сөзге шығып бүгинги абадан турмысымыздыӊ кепили болған Конституциямыз жаңа мәмлекет, жаңа жәмийет қурыў, жаңадан-жаңа имканиятлар жаратыўшы тарийхый ҳүжжет сыпатында қәдирленип, оның қабыл етилиўи менен жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик қурылыстың барлық тараўларындағы қатнасықларды, нызамшылығымыздың барлық тараўларын тәртипке салыўшы ҳуқықый система жаратылғанлығы ҳаққында атап өтти.
Сондай-ақ ушырасыўда Жоқарғы Кеңес комитет баслығы З.Реймова Өзбекстан Республикасы Конститутсиясына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша усынысларды қәлиплестириў ҳәм шөлкемлестириў илажларын әмелге асырыў бойынша Конституция комиссиясы тәрепинен усы жылдыӊ 24-май сәнесинен баслап кең жәмәәтшиликтен усыныс ҳәм пикирлер жыйнап атырғанлығы, усы процессте жаслар да белсенди қатнасып, өз пикир усынысларын бериўге шақырды.
Ушырасыўда студент-жаслар өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.