ПАНДЕМИЯ ДӘЎИРИНДЕ ХАЛЫҚТЫ СОЦИАЛЛЫҚ ЖАҚТАН ҚОЛЛАП-ҚУЎАТЛАЎ МӘСЕЛЕЛЕРИ ДОДАЛАНДЫ
2188
27-апрель күни халық депутатлары Беруний районлық Кеңесиниң бесинши сессиясы болып өтти.
Сессия жумысына онлайн тәризинде Нөкис қаласынан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов, Жоқарғы Кеңес депутатлары, ҳүкимет ағзалары қатнасты.
Атап өтилгениндей, Ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёев тәрепинен халқымыздың тарийхый ҳәм руўхый қәдириятларын, мийрим-шәпәәт, ақыбет ҳәм жақсылық сыяқлы жоқары пазыйлетлерин есапқа алған ҳалда, «Сақаўат ҳәм жәрдем» улыўма халықлық ҳәрекетин жолға қойыў басламасы алға қойылған еди. Бүгинги күнде бул ҳәрекет халқымыз тәрепинен қызғын қоллап-қуўатланып, карантин дәўиринде жәрдемге мүтәж ҳәм кем тәмийинленген шаңарақларды қоллап-қуўатлаў ҳәмде жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў, бул бағдарда қала ҳәм районларда исбилерменлик субъектлериниң басламалары тийкарында шаңарақларға қәўендер сыпатында бириктирилип, 3 айлық бағдарламалар ислеп шығылмақта.
Сессия күн тәртибиндеги тийкарғы мәселелер - коронавурус пандемиясы дәўиринде райондағы халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, районда карантин шеклеўлерин басқышпа-басқыш жумсартыў, санаат өнимлерин ислеп шығарыў көлеми, бюджетке кепилленген төлемлер ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде карантин дәўиринде айырым кәрханалардың жумысын даўам еттириў, сондай-ақ, 2019-2022-жылларда Беруний районында әмелге асырылатуғын санаат, хызмет көрсетиў ҳәм аўыл хожалығы тараўларын раўажландырыў мәнзилли бағдарламасына киргизилген жойбарлардың орынланыўы бойынша сектор басшыларының есабатлары тыңланды.
Республикамыз басшысы Ҳүрметли Президентимиз белгилеп берген бүгинги күндеги ең әҳмийетли ўазыйпаларға айрықша тоқтап, күн тәртибиндеги мәселелер бойынша сектор басшылары тәрепинен алып барылып атырған жумысларды сын көзқарастан баҳалады ҳәм кешиктириўге болмайтуғын ўазыйпаларды белгилеп берди.
Билдирилген пикир ҳәм усынысларды, атап өтилген кемшиликлерди есапқа алып, районлық Кеңес депутатлары тийисли қарар қабыл етти.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети