Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң отызыншы сессиясы ҳаққында мәлимлеме
2688
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң отызыншы ессиясы болып өтти.
Сессияға Олий Мажлис Сенаты ҳәм ҳүкимет ағзалары, сектор ҳәм тараў басшылары, қала, район ҳәкимлери, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, сондай-ақ, Жоқарғы Кеңес депутатлары қатнасты.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.
Дәслеп депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.
Бәршемизге мәлим, бүгинги күнде елимизде конституциялық реформалар процеси қызғын түрде алып барылмақта. Сонлықтан сессияныӊ күн тәртибинен орын алған дәслепки мәселе Өзбекстан Республикасы Конституциясына өзгерис ҳәм қосымшалар бойынша усыныс киргизиў ҳаққында болды.
Бул мәселе бойынша Жоқарғы Кеңес комитет баслығы З.Реймова, Конституциялық бақлаў комитети баслығы П.Айтниязов, Әдиллик министри С.Мамбеткадыров ҳәм бир қатар Жоқарғы Кеӊес депутатлары, Партия фракциясы басшылары кеӊ түрде баянат жасады.

Бул мәселе бойынша депутатлар тийисли қарар қабыл етти.
Сессияныӊ күн тәртибиндеги кейинги мәселе, яғный, «Ҳүждан еркинлиги ҳәм диний шөлкемлер ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамы жойбары туўралы Жоқарғы Кеӊес комитет баслығы Д.Қурбаниязов баянат жасады.

Баянатшыныӊ атап өткениндей, таярланған Нызам жойбары
6 бап, 35 статьядан ибарат болып, ҳәрекеттеги Нызамға салыстырғанда 12 статья менен байытылмақта.
Сондай ақ, Нызам жойбары пуқаралардың диний исенимин әмелге асырыўда ушырасып атырған машқалаларды сапластырыў, диний билим алыўды ҳәм диний шөлкемлердиң еркин жумыс алып барыўын тәмийинлеў, динлераралық ҳәм миллетлераралық тартыслардың келип шығыўының алдын алыўда ҳуқықый тийкар болып хызмет етиўи менен әҳмийетли болмақта.
Соныӊ менен бирге, усынылып атырған нызам жойбарында диний шөлкемлерди дизимнен өткериў ҳәм сапластырыў менен байланыслы тәртип әпиўайыластырылмақта.
Бул мәселе бойынша сораў-жуўаплардан соӊ, депутатлар тәрепинен тийисли қарар қабыл етилди.
Бәршеӊиздиӊ хабарыӊыз бар, усы жылдың май айында пуқаралар жыйынлары баслықлары сайлаўы болып өтти.
Сайлаўлар барлық пуқаралар жыйынларында ҳәрекеттеги нызам талаплары тийкарында жоқары дәрежеде шөлкемлескенлик, альтернативлик ҳәм тең сайлаў ҳуқықы принциплери тийкарында әмелге асырылды.
Сонлықтан сессияда пуқаралар жыйынлары баслықлары сайлаўының жуўмақлары бойынша Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министри С.Турмановтыӊ мәлимлемеси тыӊланды.
Депутатлар бул мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етти.
Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2021-жыл
28-июльдағы «Жүзимшиликти раўажландырыўда кластер системасын енгизиў, тараўға заманагөй технологияларды қолланыўды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдыӊ қосымша илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-5200-санлы қарар талапларыныӊ Қарақалпақстан Республикасында орынланыў барысы туўралы Аўыл хожалығы министри З.Зиядуллаевтыӊ мәлимлемеси тыӊланды.
Депутатлар бул мәселе бойынша да тийисли қарар қабыл етти.
Сессия соӊында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының тийисли қарарларын тастыйықлаў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң отызыншы сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети