Өзбекстан Көзи әззилер жәмийетиниң 90 жыллығы, Жәмийеттиң Қарақалпақстан бөлиминиң 85 жыллығы белгиленди
1068
Бүгин Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында Өзбекстан Көзи әззилер жәмийетиниң 90 жыллығы, сондай-ақ, Жәмийеттиң Қарақалпақстан бөлиминиң 85 жыллығы кеӊ түрде белгиленди.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ комитет баслығы Д.Қурбаниязов қатнасып, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниӊ көзи әззилер жәмийетине жоллаған қутлықлаўын оқып еситтирди.
Бәршемизге белгили, бүгинги күнде халқымызды, әсиресе социаллық жәрдемге мүтәж инсанларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларынан саналады.
Әсиресе, соңғы жыллары елимизде Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында имканияты шекленген инсанларды қоллап-қуўатлаўға, олардың нызамлы мәплерин қорғаўға, медициналық-социаллық жәрдем көрсетиўге, турмыс дәрежесин жақсылаўға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли ийгиликли ислер әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, имканияты шекленген шахслардың турақ жайлар менен тәмийинленип атырғаны, жаслардың жоқары оқыў орынларына қосымша квоталар тийкарында оқыўға қабыл етилип атырғаны, кәсип өнерге оқытыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў ислерине де айрықша дыққат қаратылып атырғаны сөзимизге айқын мысал болады.
Соның менен бирге, майыплығы болған шахсларды қоллап-қуўатлаў бойынша қабыл етилген бир қатар Нызам, Пәрман ҳәм Қарарлар бул бағдардағы илажлар көлемин жаңа басқышларға көтермекте.
Соның нәтийжесинде майыплығы болған шахслар түрли тараўларда нәтийжели мийнет етип, елимиздиң гүллеп-раўажланыўына өзлериниң салмақлы үлеслерин қоспақта.
Мине усындай нәтийжели мийнет етип атырған инсанларға Карақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ арнаўлы Президиумы қарары тийкарында “Ардақлы нураный” ҳәм “Ўатан пидайысы” көкирек белгилери тапсырылды.

Сондай-ақ, илажда көзи әззилер жәмийетинде пидайы мийнет етип атырған бир қатар хызметкерлерге Министрлер Кеӊесиниӊ ҳүрмет жарлықлары, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен естелик саўғалары тапсырылды.
Илаж Қарақалпақстан көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы менен даўам етти.