Жоқарғы Кеңес Баслығының жаслар менен ушырасыўы
1545
Пайтахтымыздағы Қарақалпақстан көркем өнер сарайында 30-июнь-Жаслар күни мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камаловтың республикамыз жаслары менен ушырасыўы болып өтти.
Дәслеп республикамыз жаслары тәрепинен быйылғы жылдың өткен айлары даўамында әмелге асырылған жумыслары сәўлелендирилген видеоролик көрсетилди.
Буннан кейин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов шығып сөйлеп, жыйналғанларды 30-июнь-Жаслар күни менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, бүгинги күни тийкарғы итибар еки әҳмийетли мәселеге, яғный Жаслар күни байрамына ҳәм Конституциялық реформалар процесине қаратылмақта. Ең әҳмийетлиси, халқымыз, әсиресе жасларымыз өзлери жақсы көретуғын, исенетуғын, күшли лидерлери менен уллы келешекти қурыў ушын исенимли қәдем тасламақта. Сонлықтанда, бүгин барлық жасларымыз бул процессте белсене қатнасыўды ана Ўатанымыз, халқымыз алдындағы парызы деп билмекте.
Әлбетте буған толық тийкар бар. Себеби, Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған айрықша итибарын ҳәр бир инсан, әсиресе келешек ийелери жасларымыз жақсы биледи.
Мине өткен қысқа ўақыт ишинде Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша жигирмадан аслам пәрман ҳәм қарар қабыл етилди. Бул мақсетлер ушын 30 триллионнан аслам қаржы ажыратылды.
Буннан тысқары, Арал теңизиниң ултанында алып барылып атырған кең көлемли жумыслар, экологиялық жағдайды жақсылаў ушын исленип атырған ийгиликли ислер, исбилерменлер ушын берилип атырған жеңилликлер, халықты социаллық қорғаў, жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, булардың барлығы ҳеш нәрсе менен салыстырып болмайтуғын тарийхый ўақыялар болып табылады.
Ең тийкарғысы, бундай үлкен өзгерислер менен жаңаланыўларды барлық тараўлар, қала ҳәм аўылларымыз мысалында көриўимизге болады.
Бүгинги күни жасларымыз ҳәмийше Президентимиздиң нәзеринде болып, келешек ийелерин өзиниң қол-қанаты деп биледи. Сонлықтанда елимизде жасларды қоллап-қуўатлаў мәселеси – бул мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдары болып табылады. Себеби, жасларымыз Үшинши Ренесанстың тийкарын салыўшылар болып табылады.
Бүгинги күни айрықша таланты ҳәм шеберлиги менен көзге түскен жасларымыз мәмлекетлик атақлар, ордень ҳәм медаллар, сондай-ақ, Зульфия атындағы ҳәм «Ниҳол» мәмлекетлик сыйлықларын алыў бахтына миясар болмақта. Буннан тысқары, халықаралық пән олимпиадаларында ҳәм спорт жарысларында үлкен табысларды қолға киргизбекте.
Атап айтқанда, Токио қаласында болып өткен Олимпиада ойынларының қатнасыўшылары, «Жасорат» медалының ийеси Зайнаб Дайыбекова, сондай-ақ, Жалғасбай Бердимуратов, Шарафатдин Балтабаев, Шерзод Мамутов, «Ниҳол» сыйлығының ийелери Ақылбек Пиязов, Дәўранбек Ендирбаев, Жанар Төреева, Мухаммед Төребеков, Әдилбек Бахтыбаев, Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың ийелери Сапура Қайыпназарова, Сәрбиназ Тулиева, Динара Нуратдинова, Шахзода Каримбаева, Гүлсәнем Оразбаева, Зухрахан Мақсадова, Еркинай Орынбаева, «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығының ийелери Арман Нурниязов, Рустамжан Мадреймов, бокс бойынша Азия чемпионлары Айназар Кеңесбаев, Сухроб Аминов, гүмис медаль ийелери Рано Муратбаева, Рахима Бекниязова, гандбол бойынша Азия чемпионаты қола медалы ийелери Шахло Абыллаева, Сарбиназ Сапарбаева, «Республика жаслар ҳаўазы» фестивалының жеңимпазлары Алымбай Каримбаев, Замира Махсудова, Гүлайым Өтешова, Әширбек Қозыбаев сыяқлы үмитли жасларымыздың табысын мақтаныш етсек арзыйды.
Әлбетте, елимиздеги Конституциялық процесслерде жасларымыз белсене қатнасады. Президентимиз «Бас нызамымызда: мәмлекет талантлы жасларды, олардың материаллық жағдайына қарамастан, бәрқулла қоллап-қуўатлаўды өз алдына қағыйда сыпатында белгилеп қойыўымыз керек», деген оғада баҳалы усынысты билдирип өтти. Бул усынысты жасларымыз айрықша қанаатланыўшылық пенен күтип алды.
Солай екен, жасларды қоллап-қуўатлаў, олардың ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў Конституция менен беккемленбекте. Буған жуўап ретинде жасларымыз халқымыздың тәғдирине бийпәрўа болмай, бүгинги жаңаланыўларға ҳәм алдағы режелерге таяр екенлигин мақтаныш етемиз.
Илажда түрли тараўларда жоқары нәтийжелерди қолға киргизип киятырған бир топар жасларға байрам мүнәсибети менен «Үмит ушқыны» көкирек белгиси ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.

Ушырасыў соңында жаслар шығып сөйлеп, көрсетилип атырған ғамқорлығы ушын Президентимизге, республикамыздың басшыларына миннетдаршылық билдирди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ, Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы
М.ҲӘБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери