«Парламент ойынлары» спорт жарысларының жеңимпазлары анықланды
1244
Пайтахтымызда «Парламент ойынлары» спорт жарысларының Қарақалпақстан Республикасы басқышы болып өтти. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кеңесиниң 2020-жыл 30-декабрьдеги қарарына муўапық, сенаторлар ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслери депутатлары, Сенат жанындағы Жаслар парламенти ағзаларының денетәрбия ҳәм спорт пенен турақлы түрде шуғылланыўын тәмийинлеў, халық арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў мақсетинде өткерилип атырған «Парламент ойынлары» спорт жарысларында қатнасыўшылар спорттың мини футбол, волейбол, стол тенниси ҳәмде бадминтон сыяқлы түрлери бойынша беллести.


Жарыстың Қарақалпақстан Республикасы басқышы жуўмақланып, оның жеңимпазлары менен сыйлы орын ийелеген қатнасыўшыларын сыйлықлаў мәресими болып өтти.
Сыйлықлаў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов «Парламент ойынлары» спорт жарысларының Қарақалпақстан Республикасы басқышы жеңимпазларын қутлықлады ҳәмде Хорезм ўәлаятында болып өтетуғын аймақлық басқышта жеңиске ерисип, республика басқышында да жоқары орынларды ийелеўине исеним билдирди.
«Парламент ойынлары» спорт жарысларының Қарақалпақстан Республикасы басқышында мини футбол бойынша өткерилген беллесиўлерде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Аппараты хызметкерлери биринши орынды ийелеген босла, волейбол бойынша өткерилген жарысларда Халық депутатлары Нөкис районлық Кеӊесиниӊ депутатлары жеӊимпаз болды. Стол тенниси бойынша ерлер арасындағы жарысларда халық депутатлары Тақыятас районлық Кеӊеси депутаты Инамжан Балтабаев бириншиликти ийелеген болса, ал ҳаял-қызлар арасында халық депутаты Қараөзек районлық Кеӊеси депутаты Гүлзира Садықова, бадминтон бойынша ҳаял-қызлар арасындағы жарысларда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты З.Реймова сыйлы биринши орынды ийелеп, Хорезм ўәлаятында болып өтетуғын аймақлық басқышқа жоллама алды.
«Парламент ойынлары» спорт жарысларының Қарақалпақстан Республикасы басқышы жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелери шөлкемлестириўшилер тәрепинен қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
