Жоқарғы Кеӊесте қабыллаў
1282
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығыныӊ орынбасары А.Давлетов 25-июнь күни Уллы Британияныӊ Бирмингем университетиниӊ ҳүрметли профессоры Майкл Робинсонды қабыллады.
Қабыллаўда Жоқарғы Кеңес Баслығыныӊ орынбасары А.Давлетов Майкл Робинсонды республикамызға сапары менен қутлықлады. Соӊғы жылларда Өзбекстанда туризмди раўажландырыўға қаратылып атырған үлкен итибар, алып барылып атырған кеӊ көлемли жумыслар ҳаққында айтып өтип, ҳүрметли профессордыӊ алдағы ўақытлары республикамызда туризмди раўажландырыў бойынша алып барылыўы режелестирилген жумысларын қоллап-қуўатлайтуғынлығын билдирди.
Өз нәўбетинде ҳүрметли профессор Майкл Робинсон жыллы жүзлилик пенен қабыл еткени ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығыныӊ орынбасарына өз миннетдаршылығын билдирди.
Буннан соӊ И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейинде «Қарақалпақстанда турақлы туризмди раўажландырыў» атамасында семинар-тернинг болып өтти.
Тиккелей Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң басламасы менен шөлкемлестирилген бул илажды Жоқарғы Кеңес баслығының орынбасары А.Давлетов ашты ҳәм басқарып барды.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнде елимизде бәрше тараўлар сыяқлы туризм тараўы да жедел пәтлер менен раўажланып барамақта. Буның ушын ҳүрметли Президентимиз тәрепинен бир қатар пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилип, көп санлы туристлер ағымын тартыў арқалы елимиздиң социаллық-экономикалық жақтан раўажланып, жасларымыз жаңа жумыс орынлары менен тәмийинленбекте.
Соныӊ менен бир қатарда, Ҳүрметли Президентимиздиӊ 2020-жыл 11-ноябрдеги «2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында Қарақалпақстанда шет елли саяхатшылар санын 80 мыӊға, ишки туристлерди 800 мыӊға ҳәм туристлик агентликлер санын 45 ке арттырыў белгиленген.
Усы ўазыйпалардыӊ өз ўақтында ҳәм нәтийжели орынланыўын тәмийинлеў, яғный Қарақалпақстанға шет елли ҳәм ишки туристлерди тартыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси басламасы менен Қарақалпақстанныӊ туристлик потенциалы бойынша промо-видео таярланып, қолланба баспаға таярланбақта.
Пүткил дүньяға белгили «Вашингтон Пост» газетасыныӊ журналистлери мирәт етилди.
Илаж даўамында профессор Майкл Робинсонның ЮНЕСКО жойбары шеңберинде таярланған «Қарақалпақстанда турақлы туризмди раўажландырыў» атамасындағы есабатының презентациясы өткерилди.

Мағлыўмат сыпатында айтып өтиў орынлы, Майкл Робинсон Уллы Британияның Бирмингем университетиниң ҳүрметли профессоры. Ол туризм, мәдений мийрас, исбилерменлик бойынша халықаралық консультант, глобал тармақ арқалы жойбарларды муўапықластырып барады. Майкл Робинсон ЮНЕСКО бағдарламасының мәсләҳатшиси болып есапланады ҳәм бул халықаралық шөлкем менен 25 жыл даўамында биргеликте ислесип келмекте.
2020-жылдың 18-21-ноябрь күнлери ЮНЕСКОның Өзбекстандағы ўәкилханасы ҳәм Өзбекстан Ресрубликасы Туризмди раўажландырыў мәмлекетлик комитети менен биргеликте профессор Майкл Робинсон тәрепинен «Тарийхый мийрасқа тийкарланған турақлы туризмди раўажландырыў» атамасында онлайн тренинг өткерилди. Бул тренингте Нөкис қаласы ҳәм Мойнақ, Тахтакөпир, Қоңырат, Шымбай, Еликқала районларынан туризм бойынша жумыс алып барып атырған исбилерменлер, өнерментлер, мәденият, туризм ҳәм экология тараўларының ўәкиллери қатнасып тараў бойынша терең билим ҳәм жаңа тәжирийбеге ийе болды.
Семинарға Жоқарғы Кеңес Баслығының мәденият ҳәм мәнәўият мәселелери бойынша кеӊесгөйи Гүльбәҳәр Изентаева, сондай-ақ, тийисли министрлик ҳәм мәкеме басшылары туризм бойынша исбилерменлик субъектлериниң ўәкиллери қатнасты.