“Савицкий еске түсириўлери” китабыныӊ презентациясы өткерилди
883
И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейинде “Савицкий еске түсириўлери” китабыныӊ презентациясы өткерилди.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси Баслығыныӊ орынбасары А.Давлетов шығып сөйлеп, ҳүрметли Президентимиз басшылығында тарийхты үйрениўге, туризмди раўажландырыўға, миллий мәдений мийрасларымызды қәстерлеп-сақлаўға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кеӊ көлемли жумыслар әмелге асырылып атырғанлығын, республикамызға туристлерди тартыўға “Саҳрадағы Лувр” аты менен дүньяға танылған И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейиниӊ орны айрықша екенлигин атап өтти.
Хақыйқатында да, бул жерде мәдениятымызға тийисли буйымлар, әййемги ҳәм орта әсирлерге тийисли қорған ҳәм де қалашалардан табылған археологиялық естеликлер, ХХ әсир басларындағы белгили художниклердиӊ дөретпелерин өз ишине алған Рус ҳәм Түркистан авангарды топламлары орын алған.
Өзлериӊизге белгили, усы музейге Москва қаласынан келген художник, реставратор, этнограф, коллекционер Игорь Витальевич Савицкий тийкар салған.
Оныӊ топлаған экспонатлары менен 1966-жылда шөлкемлестирилген киши музей бүгин дүнья көркем өнер орайына айланды.
Өткен жыллар даўамында Игорь Витальевич Савицкий ҳаққында көплеп китаплар, мақалалар, көрсетиўлер, ҳүжжетли фильмлер жаратылды.
Мине, бүгинги күнде баспадан шығарылып атырған “Савицкий еске түсириўлери” атлы китабы бул бағдардағы ийгиликли ислерден саналады.

Рус ҳәм инглиз тиллеринде баспадан шығарылған бул китап Мариника Бабаназарова ҳәм оныӊ бир қатар кәсиплеслериниӊ жыллар даўамындағы мийнетлериниӊ жемиси есапланады.
Китап 245 беттен ибарат болып, онда И.В.Савицкийдиӊ шаӊарағы ҳәм ағайин-туўысқанлары ҳаққында мағлыўмат, Савицкийдиӊ Қарақалпақстанда жумыс алып барған белгили Хорезим археологиялық-этнографиялық экспедициясы қатнасыўшыларыныӊ, художниклер ҳәм досларыныӊ еске түсириўлери жарытып берилген.