Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни мүнәсибети менен тараў хызметкерлеринен бир топарын сыйлықлаў ҳаққында
1052
Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Мәмлекетимизде сөз ҳәм баспасөз еркинлигин раўажландырыў, халқымыздың мәлимлеме тараўындағы конституциялық ҳуқықларын тәмийинлеў, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўда ашық-айдынлық принциплерин беккемлеў, жәмийетлик қадағалаўды күшейтиўге қаратылған демокартиялық реформаларды әмелге асырыўда белсендилик көрсетип киятырғаны, глобал мәлимлеме майданында миллий мәплеримизди қорғаў, елимиздеги дөретиўшилик ҳәм жаңаланыў процесслерин, ерисилип атырған жетискенликлерди кеңнен үгит-нәсиятлаўдағы үлкен хызметлери, тараў ушын маман профессионал кадрларды таярлаў, жас әўладты Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятлар руўхында тәрбиялаў бағдарындағы нәтийжели жумысы, сондай-ақ, жәмийетлик турмыста белсене қатнасқаны ушын төмендегилер ҳүрметли атақ, орден ҳәм медальлар менен сыйлықлансын:Қарақалпақстан Республикасы бойынша:
«Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист» ҳүрметли атағы менен
Матякубова Назира Тохтабаевна – Қарақалпақстан Республикасы «Қорақалпоғистон тонги» газетасының бас редакторы
II дәрежели «Соғлом авлод учун» ордени менен
Сейданова Лала Алмуратовна – Қарақалпақстан Республикасы телерадиокомпаниясының «Қарақалпақстан» телеканалы жәмийетлик-сиясий ҳәм социаллық-экономикалық бағдарламаларының бас редакторы
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ