Дөретиўши кәсип ийелериниң байрамы белгиленди
1217
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында 27-июнь-Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күнине бағышланған салтанатлы мәжилис болып өтти.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов жыйналғанларды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң атынан кәсиплик байрам менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде Президентимиздиң басшылығында сөз ҳәм баспасөз еркинлигин раўажландырыў, халықымыздың мәлимлеме тараўындағы конституциялық ҳуқықларын тәмийинлеў, халыққа қалыс ҳәм исенимли мәлимлеме жеткериў, барлық тараўларда әмелге асырылып атырған реформаларды халық арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў бағдарында ийгиликли ислер әмелге асырылмақта.
Елимиздиң жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық, турмысында жүз берип атырған өзгерислер ҳәм жаңаланыўларды, әсиресе «Инсан қәдири ушын» идеясы астында исленип атырған жумысларды кең жәмийетшиликке жеткериў, халқымыздың турмысында ушырасып атырған мәселе ҳәм машқалаларды үйрениў, оларға унамлы шешим табыў жолында тараў хызметкерлери тәрепинен алып барылып атырған дөретиўшилик мийнет жоқары баҳаланады.
Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қуралларының жумысы барлық дәўирлерде машақатлы ҳәм жуўапкершиликли болып келген. Әсиресе, бүгингидей глобалласыў ҳәм информация әсиринде, ашық-айдынлық, сөз ҳәм пикир еркинлиги турмысымыздың факторына айланып баратырған ҳәзирги дәўирде жуўапкершилик және де күшеймекте.
Президентимиз тәрепинен «2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы ҳаққында»ғы арнаўлы пәрманының қабыл етилиўи елимизди буннан былай да раўажландырыў ушын пүткиллей жаңаша қатнас және принциплерди турмысқа енгизиўде айрықша орын тутады. Бул өз гезегинде ғалаба хабар қураллары хызметкерлеринен үзликсиз излениўди, турмысымызда жүз берип атырған ҳәр қандай өзгерислер менен жаңаланыўлар процесиниң мазмун-мәнисин халқымызға кең түрде ҳәм ҳәр тәреплеме тәсиршең усылларда үгит-нәсиятлаўды, бир сөз бенен айтқанда, бүгинги тез пәт пенен раўажланып атырған дәўир менен тең қәдем таслаўды талап етпекте.
Дөретиўшилердиң кәсиплик байрамы мүнәсибети менен баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары тараўының бир топар ветеранларына «Ардақлы нураний», тараў хызметкерлерине «Ўатан пидайысы» көкирек белгилери, өзлериниң юбилей сәнелерин белгилеп атырған газета-журналлар редакцияларына, телеведение ҳәм радио жәмәәтлерине компьютерлер, бир топар тараў хызметкерлерине Ҳүрмет жарлықлары менен сыйлы саўғалар тапсырылды.
Салтанатлы мәжилис қатнасыўшыларына республикамыз көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы қойып берилди.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының биринши орынбасары Н.Ерлепесов қатнасты.