Социаллық қорғаўға мүтәж пуқаралардыӊ ипотека кредитлери төлеп бериледи
999
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси Президиумыныӊ арнаўлы қарары тийкарында социаллық қорғаўға мүтәж пуқаралардыӊ ипотека кредитлерин төлеў ушын төрт миллиард үш жүз қырық бир миллион еки жүз мың сўм қаржы ажыратылмақта.
Қарақалпақстан Республикасы республика бюджетиниң қосымша дереклери есабынан ажыратылып атырған бул қаржылар тек ғана социаллық қорғаўға мүтәж пуқаралардыӊ ипотека кредитлериниң мүддети өткен қарыздарлықларын қаплаў ушын бир мәрте төлеп бериледи.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети