3000 бала дем алыў ҳəм саўалландырыў орайларына жибериледи
907
2022-жылғы балаларды дем алдырыў ҳәм саўалландырыў мəўсиминде шаңарақлық балалар үйлериниң, бағыўшысын жоғалтқан ҳəм кем тəмийинленген шаңарақлардың балаларын дем алыў ҳəм саўалландырыў орайларына жибериў ушын қаржы ажыратыў илажлары ҳаққында Жоқарғы Кеӊес Президиумы қарары қабыл етилди.
Қарарға муўапық, шаңарақлық балалар үйлериниң, бағыўшысын жоғалтқан ҳəм кем тəмийинленген шаңарақлардың 3000 баласын дем алыў ҳəм саўалландырыў орайларына жибериў ушын үш миллиард сексен сегиз миллион тоғыз жүз жетпис бес мың сўм қаржы Қарақалпақстан Республикасы республика бюджетиниӊ I-шерек дәраматлар режесиниң артық орынланған бөлеги есабынан ажыратылмақта.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети