Жаслар күни байрамы белгиленди
1202
Бүгин «Янги Ўзбекистон» бағында Президент Шавкат Мирзиёев қатнасыўында жаслар күнине бағышланған байрам салтанаты болып өтти.

Оған видеоконференцбайланыс арқалы Карақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ Баслығы М.Камалов, ҳүкимет ағзалары ҳәм жаслар пайтахтымыздан қатнасты.
Байрам салтанатында Өзбекстан Республикасы Президенти жасларды байрам менен қутлықлап, оларды еле де қоллап-қуўатлаў мақсетинде яғный жоқары оқыў орынларына кириўде, шәртнама төлемлерин төлеўде ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў бойынша бир қатар жеӊилликлер берилетуғынлығын атап өтти.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов шығып сөйлеп, елимизде жаслар ушын жаратылған шараятларға айрықша тоқтап өтти.
Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев жаслар күни мүнәсибети менен елимиздиң белсенди ҳәм интакер жас әўлад ўәкиллеринен бир топарына мәмлекетлик сыйлықларын салтанатлы жағдайда тапсырды.
Байрам салтанаты Өзбекстан Республикасы мәденият хызметкерлериниӊ концерт бағдарламасы менен даўам етти.