Рәсмий мүнәсибет
1291
Социаллық тармақларда тарқатылып атырған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси депутатлары Палўанова Зухра Дарибаевна ҳәм Өмирова Анджела Қурбанбаевнаныӊ депутатлығын тапсырғанлығы ҳаққындағы хабарлар жалған екенлигин мәлим етип билдиремиз.
Палўанова Зухра Дарибаевна ҳәм Өмирова Анджела Қурбанбаевна бүгинги күнде Жоқарғы Кеӊес депутаты сыпатында жумыс алып бармақта.
Бундай тийкарланбаған мағлыўматлар ушын жуўапкершилик бар екенлигин есапқа алып, жалған мағлыўмат тарқатпаўыӊызды сораймыз.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети