Қарақалпақстанда жүз берген жағдайларға байланыслы
19184
Өзбекстан Республикасында алып барылып атырған ашық-айдынлык ҳәм пикир усынысларды еркин билдире алыў сиясатына қарамастан 2022-жылдын 1-июль сәнесинде Нөкис қаласында бир топар жынаятшы шахслар Қарақалпақстан Республикасынын Мәмлекетлик басқарыў уйымларын ийелеп алыўға урыныўды сәўлелендирген нызамға қайшы ҳәрекетлерди шөлкемлестирди.
Популистик уранларды нықап қылып алғанлар, пуқаралардыӊ санасы ҳәм исенимин манипулияция қылып, тәртипсизликлердиӊ шөлкемлестириўшилери ҳәкимлик ўәкиллериниӊ нызамлы талапларына бойсынбай, республика пуқараларын Қарақалпакстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси имараты ҳәкимшилик имараты алдындағы майданға жыйнады.
Тәртип бузыўшылар жыйналған пуқараларға сүйенген ҳалда усы мәмлекетлик уйымларды ийелеп алыўға ҳәм сол арқалы жәмийетте аўдарыспақты келтирип шығарыў, Өзбекстандағы социаллык-сиясий жағдайдыӊ турақлылығын изден шығарыўға хәрекет етти. Ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен қабыл етилген қатаӊ шаралар менен басламашылардыӊ нызамға қайшы ҳәрекетлери тоқтатылып, ғалаба тәртипсизлик келтирип шығарыўға урыныўлардыӊ тарқалыўына шек қойылды.
Соны исеним менен айтамыз, Мәмлекетимиз жағдайды жәнеде турақсызландырыўға жол қоймаў ушын барлық керекли күшке ийе.
Ғалаба тәртипсизликлер шөлкемлестириўшилериниӊ бир топары ҳәмде ҳуқық корғаў уйымларына белсене қарсылық көрскеткен шахслар қолға алынған.
Ҳәзирги ўақытта тергеў сорастырыў ҳәрекетлери алып барылмақта. Барлық тәртип бузыўшылардыӊ ҳәм оларға қосылып карсылық көрсеткенлердиӊ шахсы анықланды ҳәм олар әмелдеги нызам ҳүжжетлерине муўапық жуўапкершиликке тартылыўы тәмийинленеди. Республикадан сырттағы бузғыншы күшлердиӊ Қарақалпақстандағы жағдайдын ҳәўиж алыўына, соныӊ ишинде анық бағдарланған информация ағымлары хәм жүз берип атырған ўақыяларды қасақана бузып көрсетиў арқалы тәсир етиўге урыныўлары болып турыпты.
Жүзеге келген жағдайда жәмийеттиӊ қәўипсизлиги ҳәм турақлылығын тәмийинлеўде пуқараларды нызамға қайшы ҳәрекетлерден ескертип, жүзеге келген мәселелерди нызам шенеринде сапластырыўда биргеликте хәрекет етиўге шақырамыз.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси
Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги