Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың Қарақалпақстан халқына мурәжати!
3007
Әзийз, ўатанласлар!
Ҳүрметли Қарақалпақстан халқы!
Бәршемизге мәлим, усы күнлерде мәмлекетимизде әҳмийетли сиясий жағдай – Өзбекстан Республикасы Конституциясына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша улыўма халықлық додалаў даўам етпекте.
Әлбетте, конституциялық реформаларымыз Ўатанымыздың бүгини ҳәм келешеги ушын жүдә әҳмийетке ийе мәселе есапланады.
Додалаўларда көп миллетли халқымыз өзиниң көплеген усыныс ҳәм пикирлерин билдирмекте.
Және бир атап өтетуғын мәселе, «Өзбекстан Республикасының Конституциясына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы жәрияланған Конституциялық Нызам жойбары улыўма халықлық додалаўынан өткериледи. Соннан кейин пуқаралар тәрепинен билдирилген пикир ҳәм усыныслар тийкарында Нызамшылық палатасы тәрепинен көрип шығылады.
Кейин усы жойбар Өзбекстан Республикасы референдумына қойылып, пуқараларымыз еркин даўыс бериў арқалы өзлериниң бул мәселе бойынша мақсетлерин сәўлелендиреди.
Соннан кейин ғана Өзбекстан Республикасының Конституциясына киргизилип атырған өзгерис ҳәм қосымшалар нызамлы күшке киреди.
Бир сөз бенен айтқанда, жаңаланып атырған Конституциямызды толықтырыў ушын қанша ўақыт ҳәм мүддет керек болса, бул процесс сонша даўам етеди. Бу бойынша тек ғана халқымыз бенен кеңесип ис алып барамыз.
Бирақ, айрым жерлерде усы мәселениң мазмунын талқылаўда түсинбеўшилик жағдайлары ушырасып атыр.
Атап айтқанда, жойбарда көзде тутылған Қарақалпақстан Республикасына тийисли айырым нормаларға бир топар шахслар тәрепинен наразылық билдирилген. Буның нәтийжесинде усы жылдын 1-июль күни Нөкис қаласының орайлық көшелеринде наразылықлар шөлкемлестирилген.
Олар тәрепинен жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары имаратларын нызамсыз ийелеўге урыныў жағдайлары болып өткен.
Усы мүнәсибет пенен төмендеги пикирлерди айтып өтиў зарур деп есаплайман.
Халқымыз ҳүкимине усынылған Конституциялық нызам жойбары еле қабыл етилген жоқ, тек ғана улыўма халықлық додалаўға қойылған.
Және бир мәрте айтып өтемен, пуқараларымыздың тилеги, усыныс ҳәм пикирлеринен келип шыққан ҳалда, усы жойбар өзегереди ҳәм толықтырылады.
Усыннан келип шыққан ҳалда, сондай–ақ, Қарақалпақстан Республикасының өзине тән этник, мәдений айырмашылығы, миллий үрп-әдет ҳәм салт-дәстүрлери, өз алдына ҳуқыкый дәрежесин итибарға алып, жойбардағы Қарақалпақстан Республикасының ҳуқықый атағына тийисли нормаларды өзгертиўсиз қалдырыў зарүр, деп есаплайман.
Яғный, Конституцияның 70, 71, 72, 74, 75-статьялары өзгериссиз қалады.
Олий Мажлис Нызамшылық палатасынан усы мәселени тез күнлерде көрип шығыўын сорайман.
Қәдирли, Қаракалпақстан халқы!
Тәкирарлап айтаман – әсирлер даўамында өзбек ҳәм қарақалпақ халықлары ортасында қәлиплескен әзелий дослық ҳәм туўысқанлык, өз-ара ҳүрмет ҳәм меҳир, аўызбиршилигимизди асырап абайлаў, елимиздеги тынышлық ҳәм турақлылықты сақлаў – бәршемиздиң ўазыйпамыз.
Конституциялык реформалардың бас мақсетиде соннан ибарат.
Жаңа Өзбекстан, Жаңа Қарақалпақстанды әлбетте бирге қурамыз! Усы тараўдағы барлық реформаларымыз, кеңеслеримиз, әлбетте, демократия ҳәм ҳуқықый өлшемлер тийкарында әмелге асырылыўы зәрүр.
Ҳәзирги ўакытта тынышлық хәм татыўлық, жәмийет қәўипсизлигин бузыўға урынып атырған ҳәр қандай шахсларға нызам шеңберинде қатаң шаралар көриледи.
Өзбекстанда «Нызам - үстем, жынаятқа жаза тайын» деген қағыйданы әмелде тәмийинлеў ушын барлық күш ҳам имканиятлар жетерли.
Ҳазирги жағдайда барлық ўатанласларымызды татыўлыққа ҳәм бирликке, ақыл менен ис тутыўга , түрли ғарезли шақырық ҳәм ҳәрекетлерге берилмеўге шақыраман.
Мен дана хәм кеңпейил қарақалпақ халқының ақыл-санасы ҳәм данышпанлығына исенемен.
Шавкат Мирзиёев Өзбекстан Республикасы Президенти