Қаржы министрлигине кәрханалардың айланыс қаржысын өзинде сақлап қалыў ушын экспорт бажыханада рәсмийлестирилген ўақыттан баслап қосымша қун салығын қайтарып бериў механизмин енгизиў ўазыйпасы тапсырылды.
Келеси 5 жылда таяр өним ислеп шығарыўды 4-5 есеге көбейтиў, өзине түсер баҳаны бәсекилеслерге арзанлатып, сыртқы базарларды ийелеў бойынша тапсырмалар берилди. Буның ушын өнимлердиң ассортиментин кеңейтип, сапасын кескин арттырыў зәрүр екенлиги айрықша атап өтилди.
Атап айтқанда, сырт ел компаниялары менен биргеликте ири экспорт кәрханаларын шөлкемлестирип, белгили брендлер тийкарында базарда өтимли өнимлер ислеп шығарыў бойынша көрсетпе берилди.
Усы мақсетте Наманган, Самарқанд ҳәм Ташкент ўәлаятларында таяр өнимди экспорт етиўши жаңа кәрханалар ушын технопарк шөлкемлестириледи. Усы жойбарларды қаржыландырыўға Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры тәрепинен кредит линиясы шеңберинде 300 миллион доллар қаржы ажыратылады.
Мәжилисте шийки зат жетистириў ҳәм өндирис шынжырында өзине түсер баҳаны азайтыў мәселесине де тоқтап өтилди.
Мәмлекетимизде жыллар даўамында пахта талшығының өзи экспорт етилгени ушын оның баҳасы Ливерпуль котировкасына жалғанған еди. Негизинде пахта талшығы Нью-Йорк биржасында сатылады ҳәм оның баҳасы Ливерпульдикинен 10 процентке арзан жүреди.
Бул тоқымашылық өнимлериниң баҳасы артыўына тәсир етип атырғаны атап өтилип, жуўапкерлерге пахта талшығының баҳасын халықаралық биржа котировкасына өткериў бойынша тапсырма берилди.
Мәжилисте тоқымашылық кәрханаларының сыртқы базарларға шығыўы ушын қолайлы шараят жаратыў мәселелерине де итибар қаратылды.
Бул тараўдағы таяр өнимлеримиздиң экспорты тийкарынан регион базарына байланыслы болып қалған. Экпсортёрлер Европаға кириўи ушын 15 процент бажы төлеўге ҳәм 4 есе көп транспорт қәрежетин жумсаўға мәжбүр болмақта.
Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги ҳәм «Өзтоқымашылықсанаат» ассоциациясына Европа Аўқамы базарлары ушын «GSP+» статусын алыў ўазыйпасы қойылды. Сондай-ақ, Халықаралық финанс корпорациясы жәрдеминде өнимлерди «BSI» стандартлары тийкарында сертификатластырыў жумысларын жеделлестириў керек екенлиги атап өтилди. Экспортёрлердың қәрежетлерин субсидиялаўды буннан былай кеңейтиў бойынша көрсетпелер берилди.
Мәжилисте көрилген мәселелер бойынша жуўапкерлер мәлимлеме берди.
ӨзА