Босаған орынларға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ депутатларын сайлаўды өткериў күнин белгилеў ҳаққында
3878
Қарақалпақстан Республикасыныӊ «Сайлаў ҳаққында»ғы Нызамыныӊ 68-статьясына муўапық Қарақалпақстан Республикасыныӊ Орайлық сайлаў комиссиясы
Қ А Р А Р Е Т Е Д И :
Нөкис қаласы бойынша 9-санлы «Әжинияз», Төрткүл районы бойынша 18-санлы «Жанбасқала», Шоманай районы бойынша 46-санлы «Кетенлер», Шымбай районы бойынша 56-санлы «Бердақ» ҳәм Қараөзек районы бойынша 62-санлы «Қараөзек» сайлаў округлеринде босаған орынларға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ депутатларын сайлаўды өткериў 2022-жылдыӊ 21-август күнине белгиленсин.Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясыныӊ баслығы Е.Джуманазаров
2022 -жыл 20-июль