Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң отыз екинши сессиясы ҳаққында мәлимлеме
1732
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ отыз екинши сессиясы болып өтти.
Сессияға Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры Н.Йўлдашев, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты, Қарақалпақстан Республикасы ҳүкимети ағзалары, министрлик, мәкеме басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, сондай-ақ, Жоқарғы Кеңестиң депутатлары қатнасты.
Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.
Сессия күн тәртибинде шөлкемлестириў мәселеси, яғный Қарақалпақстан Республикасы Прокурорын тайынлаў мәселеси қарап шығылды.
Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының 70-статьясы, 10-бәнтине муўапық Өзбекстан Республикасы Бас Прокурорының келисими менен усы күнге шекем Қашқадарья ўәлаяты Прокуроры лаўазымында ислеп келген Таджиев Эркабой Аминовичти Қарақалпақстан Республикасы Прокуроры лаўазымына тайынлаў усыныс етилди.
Кандидатураның өмирбаяны менен танысып шыққан депутатлар бул мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етти.
Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң отыз екинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети