ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕС КОМИТЕТ МӘЖИЛИСИНДЕ
1397
Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2019-жыл 27-июньдағы «Ғалаба хабар қураллары бийғәрезлилигин тәмийинлеў ҳәм де мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлериниӊ мәлимлеме хызметлери жумысын раўажландырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-4366-санлы қарарыныӊ орынланыўы бойынша Такыятас районы ҳәкимлигиниӊ, «Пуқаралар жыйынларының материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министриниӊ мәлимлемелери тыңланды. Онда тийисли тараў қәнигелери, Жоқарғы Кеӊес депутатлары қатнасты.
Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Ш.Өтемисов ашты ҳәм басқарып барды.

Мәжилис күн тәртибиндеги мәселелер бойынша бүнги күнде әмелге асырылып атырған илажлар ҳаққында мәлимлемелер берилди.
Додалаў ҳәм пикир усыныслардан соӊ мәжилис шешими мағлыўмат ушын қабылланды.

Мәжилис күн тәртибиндеги мәселелер бойынша бүнги күнде әмелге асырылып атырған илажлар ҳаққында мәлимлемелер берилди.
Додалаў ҳәм пикир усыныслардан соӊ мәжилис шешими мағлыўмат ушын қабылланды.